Соңғы жылларда спорт тараўында бир қанша раўажланыўлар жүз берип, қаншадан-қанша ел перзентлери халықаралық чемпионатларда, олимпиада жарысларында елимиз байрағын көклерге көтерип, көксилерине алтын медальларды тағып киятыр. Мәмлекетимизде балалар спортына айрықша итибар қаратылып, олар арасынан көплеген чемпионлар жетилисип атыр. Булардың бәрин биз спортқа мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги үлкен дыққат қаратыўдың нәтийжеси деп билемиз.
Дәнияр Турсынбаев Нөкис қалалық халық билимлендириўи бөлимине қараслы 4-санлы мектептиң 6-класында оқыйды. Ол спорттың жекпе-жек қол урысы түрлерине қатты қызығады. Кишкенелигинен баслап, спорттың таэквондо, миллий гүрес, Ушу түрлерин үйрете
туғын дөгереклерге қатнап баслады. 5-класынан баслап Ушу–сандоға қатнай баслады. Өзи оқып атырған мектептиң спорт залындағы Ушу-сандо дөгерегине қызығып, тыянақлы үйрениўди өз алдына мақсет етип қойды. Тренери Ислам Қосбатыров – муайтай, Ушу сандо, қол урысы, кикбоксинг спорт устасы. Өзбекстан ҳәм Азия чемпионы, ММИ жекпе-жек спорт түри бойынша Қазақстан чемпионы–2021ж. Республикалық жеке гүреске қараслы 4-санлы мектепте жас өспирим балаларды спорттың Ушу-сандо түрине таярлайды.
– Дәнияр бизге келген гезде, оның шаққанлығын ҳәм қызығыўшылығының күшли екенин сезип, дәрҳал оған дыққат итибарым күшейди, – дейди Ислам. Сөйтип оның менен 4-5 ай үзликсиз шынығыўлар ислеп, жарысқа қатнастырып басладым. 2022-жылы Ушу–сандо бойынша болып өткен жас ер балалар ҳәм қызлар арасындағы Қарақалпақстан Республикасы ашық чемпионатында 36 кг салмақта 1-орынды ийелеп, чемпион болыўға еристи. Сол жылы «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» ҳәм «Халықаралық наркоманияға қарсы гүресиў күни»не бағышланып өткерилген Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бириншилигинде 11 – 12 жас арасындағы спорттың Ушу-сандо түринен 39 кг салмақта қатнасып, изли-изинен 1-орынды алды. Және де Қарақалпақстан Республикасы Ушу спортының негизин салыўшы устазлар Парахат Жәлимбетов ҳәм Сәрсенбай Пирмановлардың естелигине бағышланып өткерилген Ушу-сандоның Қарақалпақстан Республикасы бириншилигине қатнасып, 3-орынды ийеледи.
Жақында усы жылдың 15–17-май күнлери спорттың Ушу-сандо бойынша 11–12 жастағы балалар арасында болып өткен Өзбекстан чемпионатына қатнасып қайтты. Мен таярлап атырған балаларымнан 24 баланы сайлап алып бардым. Улыўма бир автобус жаллап, 80 баланы апарып қайттық. Қалғанлары жеке гүрестен тренер Нурсултан Қосбатыровтың балалары. (мениң иним).
Усы чемпионатта мен Ушу-сандодан рефери болдым. Дәнияр финалға шыққанда қатты қуўандым. Тап мен ортада жүрген ўақтымда Дәниярға да реферилик еттим. Финалда Наўайыдан келген спортшыны утып, жеңиске еристи. Сөйтип, 1-дәрежели диплом ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды.
Дәниярдың туўысқан әжағасы Дәўлетияр Турсынбаев та бир ярым жылдан бери бизиң Ушу-сандо секциясына қатнайды. Нәтийже жақсы. 2022-жылы ҳәр қыйлы жарысларға қатнасып, 1,2,3-орынларды ийелеп киятыр. Жақында сол Ташкенттеги жарыста биринши мәрте қатнасқанлығы ушын ба билмедим, орын алалмады. Бирақ, бул шәкиртимнен үмитим күшли, – дейди тренер Ислам Қосбатыров.
– Мениң нийетим Қарақалпақстан чемпионларын жетилистирип шығарыў, – дейди сөзин жалғастырып Ислам. Тренер деген екинши ата-ана болыўы лазым, ҳәттеки биринши десе де болады. Баланы да соның ишинде қыз баланың да тәрбиясын қатаң түрде услаў ке
рек. Сонда ғана келешекте барлық нәрсениң қәдирине жетип биледи. Өмирде ҳәр түрли ата-ана бар. Балаларын әкелип, тапсырып болып, «Спорттың келешеги жоқ, оннанда жумыс ислеп, пул тапқаны жақсы» деп, итибарсызлық пенен қарайтуғынлары да жоқ емес. Жақсылары да бар, «Ети сеники сүйеги меники», тек тәрбиялап бер, адам болсын деп маған исенип балаларын тапсыратуғынлары да баршылық. Мен тәрбияны қатаң услайман. Жасы үлкенди сыйлаң, жасы кишиге жәрдем етиң деймен. Жаман қәсийетлерди (темеки, насбай, пиво) ислеп жүргенлерин еситсем жазалайман. Усы жерде айтпай кетпесем болмас «Мениң баламның аўзы менен не жумысың бар?!» деген ата-аналарда ушырасты.
Мен таярлап атыр-ған балаларым менен ашықтан-ашық сырласаман. Маған биреўи – мен спорт пенен өмиримниң ақырына шекем шуғылланғым келеди, – дейди. Ал үй-иши жумыс исле, пул тап дейди. Болмаса жағдайы жақсы. Және бир шәкиртим шет елге талап ислеўге кетти. Ҳәзир ярым жылдан асты. Келешеги зор еди. Оннан үмитим күшли еди. Тағы бир шәкиртим бар 6-жаста. Үйиниң ерке баласы. Айтқаны-айтқан дегени-деген болып өскен. Қолынан телефон түспейди екен. Сол баланы бир жылдай тәрбиялағанымнан соң бир күни ата-анасы келип, маған «қалай тәрбияладың-әй, ҳәзир баламыз бир мийзамкеш, кеўилшек болып қалды» деп маған миннетдаршылығын билдирип кетти. Айтады-ғой, ата-ана бере алмаған тәрбияны устазы береди, деп. Үлкен жастағы шәкиртлеримнен Самаркандлы Азизбек Ешмағанбетов деген балам бар. Жақындағы чемпионатта 2-орынды ийеледи. Бундай нәтийжелерди көрип, мен ислеп атырған жумысымның, тәрбиямның зая кетпегенлигине разы боламан. Шәкиртлерим ертең келешекте чемпион болса ата–анасы «мениң перзентим» деп қуўанса, мен «мениң шәкиртим» деп мақтанып жүрсем деймен.
Еле алдағы ўақытлары ислер ислеримиз көп. Мен устаз болыўды әрман еттим, бирақ оған толық жетистим дей алмайман. Ҳәзирги ўақытта август айында болатуғын Азия чемпионаты, Өзбекстан кубоги ушын болатуғын жарысларға қызғын таярлықлар болып атыр.
Ушу-сандо спортының Өзбекстан чемпионы Дәниярдың ата-анасы Бахтияр Байымбетов пенен Феруза Қәлимбетовалар балаларының Исламдай тренери болғанына шүкиршилик етип, қуўанып жүрипти.
Бизде Ислам Қосбатыровтай тренерлердиң елимизде көбейе бериўине тилеклеспиз.
Шүкирбай Сийпатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
