Халқымыздың ырысқы-несийбеси болған дәнди өз ўақтында ысырапгершиликке жол қоймай жыйнап алыў айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў мақсетинде районлық айрықша жағдайлар хызметкерлери тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Ырысқы несийбемиз болған ғәлле өнимин жыйнап алыў даўамында төмендеги өрт қәўипсизлиги кәделерине итибар қаратыўымыз тийис.
Ҳәр бир хожалықта ғәллезарлар жайласқан майданлардың сызылма қартасын ҳәм оған баратуғын жол, гектары, жақын жердеги суў сақлағышлардың жайласқан орны болыўы зәрүр. Ғәлле майданы 50 гектардан арасы кеминде 12 метр болған жасалма өртке қарсы тосықлық сүрип қойылған болыўы керек. Орылған атыздағы сабан ҳәм тағы басқа шөплер ғәлле майданына 30 метр ашықлықта жайласыўы шәрт. Өнимге жәмленген техникаларды қойыў, оларды жанар май менен тәмийинлеў пунктлери, аўқатланыў ҳәм жатақ жайлар ғәлле майданына 100 метр қашықлықта, такыр жерде жайласқан болыўы керек.
Ремонт майданшалары ушын, майларды, жанғыш затларды таслаў ушын темир ящиклер болыўы шәрт. Ҳәр бир жыйын-теримге жәмленген техника биринши дәрежели өрт өшириў қураллары (бел, шелек, огнетушитель, кийиз, сипсе, қум, 20 л. суў) менен тәмийинледи. Ғәллезарға барыў жоллары өртке қарсы «Темеки шегилмесин», «От жағыў қадаған» ҳәм тағы басқа өртке қарсы лозунглер қойылады. Ғәлле өнимлерин ўақтынша сақлаў орынларында, қоймаханаларда өртке карсы барлық илажлар орынланыўы керек.
Өнимге жәмленген барлық мийнеткешлер, механизаторлар, транспорт айдаўшылары өрт қәўипсизлиги қағыйдасын билиў ҳәм оны орынлаўы шәрт. Ғәлле өними жыйын-терими ўақтында майданларда өрттиң хабарын бериўши байланыс яки даўыслы жасалма үскене болыўы керек. Усы кағыйдаларды орынласақ өрттиң алдын алыўға үлесимизди қосқан боламыз.
Б.ҚАЛМУРАТОВ,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Профилактика ҳәм қадағалаў бөлимшеси өрт қадағалаў ҳәм профилактикасы бойынша қәнийгеси әскери.
