Мен кишкентай ўақтымнан баслап психолог болыўды әрман ететуғын едим. Турмысымыздағы ҳәр қыйлы тәшўишлер қоршаўынан шыға алмай, қасындағыларға өкпелеп, урысып, ямаса стресске түсип жүрген заманласларымыздың пикири менен бөлисип, олардың дәртине даўа болғым келетуғын еди.
Усы тийкарда билимимди жетилистириў ушын белгили психологлардың китапларын алып оқый басладым. Густав Левон, Адам Джексон, Дейл Карнеги, Бахтинисо Азимбаева ҳәм Қуралай ханым мийнетлерин зор қызығыўшылық пенен оқыдым. Олар арқалы денсаўлық пенен адам психологиясы ҳәм әўмет – ажыралмас түсиниклер екенлигин аңладым. Оларды үйрене отырып, өзим де илимий мийнет етким келди. Әтирапымдағы адамларды изертлей басладым. Олардың сыртқы ҳәм ишки жан сарайын бақлай отырып, өзимше жуўмақ шығардым.
Ҳәммеси өзимизге байланыслы екен. Б. Азимбаеваның «Бахытлы өмир сырлары» китабында:
«Не ушын адамның бели аўырады? Өз мүмкиншилигинен артық жүкти өзине арқалап алған адамның бели аўырады.
Басқалардың жетискенлигин көре алмайтуғын адамның көзи аўырады.
Әтирапындағыларға өкпелей беретуғынлардың өкпеси аўырады.
Ашыўшақ, тийме нәзик адамлардың териси тери аўырыўларына бейим болады…
Базы бир адамлар жүрегиндеги дәртин айта алмайды. Тамақ не ушын берилген? Ишки ойларымызды сыртқа шығарыў ушын! Сондай жағдайда дәрт организмде «ангина» сыпатында көринеди. Әсиресе, бундай жағдай жас балаларда көп ушырасады. Себеби, кишкентай балалар өзлериниң ишки ойларын үлкенлерге айтып, жеткизип бере алмайды. Ямаса, үлкенлердиң олар менен сөйлесип отырыўға сабыры жетпейди. Сондай ўақытта перзентиңизди баўырыңызға басып, «мен сени жақсы көремен», деп үш мәрте айтсаңыз, аўырыў әсте-әсте артқа шегинеди».
Шыпакер-психолог Б.Азимбаеваның мийнетлеринен бундай мысалларды көплеп келтириўимизге болады.
Бул өмирде бахытлы жасаў ушын адамға көп нәрсе керек емес. Саламатлық ҳәм әўметке ерисиў ушын адамда кең пейиллик, сабыр ҳәм ҳәрекет етиў керек екен. Буған көплеп мысал ҳәм дәлил келтириўиме болады.
Ең баслысы, әтирапыңа итибарлы болсаң, соның өзи жеткиликли.
Гүлайым
Қуўанышбаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.
