Жақында Қарақалпақстан Республикасында сиясий жаңалықлардың бири жүз берди. Нѳкис районында Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Бул имарат Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Европа Аўқамы ҳәм БМШ Раўажланыў дәстүриниң Ѳзбекстандағы «Мәмлекетлик хызметлерин кѳрсетиўди жетилистириў ҳәм Ѳзбекстан аўыллық районларында басқарыў дәрежесин асырыў» қоспа жойбары шеңберинде пилот объектлер ретинде сайланған 7 орайдан бири есапланады. Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери енди орайға келиўши район халқына кең, ықшамлы, барлық қолайлықларға ийе болған орында хызмет кѳрсетеди. Орайда заманагѳй IT ҳәм байланыс үскенелери (сервер, компьютер тармақ ҳәм телекоммуникация қурылмалары, видеобақлаў, пайдаланыўшылар менен байланыс етиў үскенелери ҳәм басқалар) пуқаралар ушын қолайлы күтиў майданы, суўытыў системасы менен үскенеленген, және де орай майыплар арбашасы, қосымша инфраструктура ҳәм Брайль шрифтиндеги мағлыўматлар менен де тәмийинленген. Бул жерде электрон нәўбет системасы, Инфокиоск, электрон хызметлерден ғәрезсиз пайдаланыў зонасы, балалар ойын майданшасы, буфет, миникитапхана ҳәм бийпул Wi-Fi бар. Соның менен бирге басқа орайларда болғаны сыяқлы мәмлекетлик хызметлеринен экстерриториал принципке муўапық, яғный жасаў орнына қарамастан пайдаланыў мүмкин.
Орай халықтың барлық қатламларына, сол тийкарда жас балалы ҳаяллар, майыплығы бар инсанлар, жаслар ҳәм нураныйларға хызмет кѳрсетиўге мѳлшерленген. Орайдың ѳзинде әдиллик бѳлими, юридикалық хызмет кѳрсетиў орайы, ПҲАЖ бѳлимлериниң жайласыўы аймақ халқына жеңилликлер жаратады.
Орайдың салтанатлы ашылыў мәресимин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Зәрекеев баслап берди. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан жаңа имараттың ашылыў салтанаты менен жергиликли халықты ҳәм қатнасыўшыларды қызғын қутлықлады.
Буннан кейин мәмлекетлик хызметлер орайының ашылыў салтанатына келген мийманлардан – БМШ Раўажланыў дәстүриниң Европа ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамы бойынша регионаллық бюросы директоры Ивана Живкович, Европа Аўқамының Ѳзбекстандағы делегациясы бирге ислесиў бѳлими баслығы Вим Риепма ҳәм Ѳзбекс
тан Республик
асы Әдиллик министри орынбасары Х.Мелиев, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри биринши орынбасары Э.Турсыновлар сѳз сѳйлеп, халықтың машқалаларын шешиўде еледе тығыз бирге ислесиўлерин атап ѳтти.
Салтанат соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен баспасѳз конференциясы шѳлкемлестирилди. Бундағы гөзленген мақсет жаңа инклюзив мәмлекетлик хызметлери орайының ашылыўы туўралы жәмийетшиликти хабардар етиў, соның менен бирге Әдиллик министрлиги менен Европа Аўқамы ҳәм БМШ Раўажланыў дәстүриниң «Ѳзбекстандағы мәмлекетлик хызметлер кѳрсетиўди жетилистириў ҳәм Ѳзбекстан аўыллық районларында басқарыў дәрежесин асырыў» қоспа жойбары искерлиги нәтийжелериниң қандай дәрежеде әмелге асырылып атырғанлығын билиў болды.
Бул мәселелер бойынша жуўапкерли шахслар конференцияда журналистлердиң сорўларына қанаатланарлы дәрежеде жуўаплар берди.
Ең баслысы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имаратының ашылыўы район халқы ушын қуўанышлы жағдай болды десек болады.
Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ,
Журналист,
Нѳкис районы.
