АШЫҚ ЕСИКЛЕР КҮНИ

Елимизде Президент мектебиниң ашылыўы үлкен жаңалық болып, бүгинги күнде бул орында кѳплеген талантлы, қәбилетли оқыўшылар тәлим-тәрбия алмақта. Мектеп ѳз аты менен басқа мектеплерден ѳз айырмашылықларына ийе. Тест сынақлары тийкарында қабыл етилип, ҳәр класста 12 оқыўшыдан оқытылады. Сырт еллерден келген ең тәжирийбели муғаллимлер билим береди.
Жақында Нѳкис Қәнигелестирилген билимлендириў агентлиги қурамындағы Президент мектебинде ашық есиклер күни ѳткерилди. Илаждың мақсети-оқыўшыларды оқыўға қабыллаў барыслары ҳәм мектеп искерлиги менен жақыннан таныстырыўдан ибарат болды. Мектеп оқыўшылары ҳәм ата-аналары соның менен бирге журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Нѳкис қаласындағы Президент мектеби атқарыўшы директоры М.У.Насыров кең түрде таныстырып, шығып сѳйледи. Соң усы мектептиң академиялық директоры Cambridge international Education бағдарламасы ҳаққында қысқаша мағлыўмат берди. Арнаўлы пәнлер бойынша директоры орынбасары Г.К.Алламбергенова 2023-2024-оқыў жылы қабыллаў барысларының шѳлкемлестирилиўи ҳаққында айтып ѳтти.
Оқыўшылар ата-аналары менен Президент мектебиниң дѳгерек ханалары, лаборатория, пән кабинетлери, китапхана, спорт зал, бассейни менен танысты. Қатнасыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Ж.Ембергенова.