Раўажланған демократиялық мәмлекетлерге тән болған белгилердиң бири – бул инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплериниң қорғалыўы болып есапланады. Бирақ, көпшилик жағдайда инсан ҳуқықлары дегенде үлкен жастағы халық нәзерде тутылады да, балалар болса итибардан шетте қалады. Мәмлекет халықтың басқа қатламларын қорғаў менен биргеликте ержетпеген шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин қорғаўды да нәзерде тутады.
Бала ҳуқықларындағы нызамшылықты беккемлеўге қаратылған оғада әҳмийетли болған ҳүжжетлердиң бири – Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Бала ҳуқықлары кепилликлерин жәнеде күшейтиўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар талапларына көре, буннан былай ата-анасынан қараўсыз қалған балаларға муниципаль ҳәм анық мақсетли коммуналь үй-жай фондындағы өзлери жасап турған турақ жайларды олар “Меҳрибанлық” үйлерине жайластырылған, қәўендерлик ҳәм әмеңгерлик уйымының разылығына көре қәўендерлик ҳәм әмеңгерликке алыўшы менен бирге жасап атырған пүткил ўақыт даўамында, он сегиз жасқа толғанға шекем бронластырыў ҳуқықы берилиўи, балалардың дизимде турыў орны ҳәм пуқаралығынан тысқары, оларға бәрше социаллық хызметлер көрсетилиўи, балалардың мәмлекетлик уйымларына тиккелей қылған мүрәжатларын толық көрип шығыў кепиллениўи ҳәм бала толық қатнас уқыплылығына ийе емеслиги менен бул түрдеги мүрәжатларды көрместен қалдырыўға жол қойылмаслығы, он сегиз жасқа толмаған шахсларға алимент төлеў ҳаққында ата-ана арасында келисиў болмағанда яки алимент ықтыярый рәўиште төленбегенде ҳәм ата-анадан бирде-биреўи де алимент өндириў ҳаққында судқа мүрәжат қылмаған жағдайларда 14 жасқа толған бала өзиниң тәмийнаты ушын, ата яки анадан ямаса ата-анасы менен бирге жасамай атырған болса, бир ўақыттың өзинде ата-ананың ҳәр екеўинен нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў ҳаққында даўа қозғатыўға ҳақылы екенлиги, балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат еткен даўагер мәмлекетлик бажы ҳәм басқа төлеўлерди төлеўден азат етилиўи белгиленди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм кең жәмийетшиликтиң Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) орынбасары — Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымын енгизиӯ ҳәм Секретариат системасында бала ҳуқықларын тәмийинлеў искерлигине көмеклесиўши басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 2 адамнан ибарат сектор дүзиўи, 2019-жыл 1-сентябрьден Өзбекстан Республикасында ерлер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасын он сегиз етип белгилеўи нәзерде тутылды. Соның менен бир қатарда, шаңарақта баланың мәплерине тийисли ҳәр қандай мәселе шешилип атырғанда, ҳәр қандай суд додалаўы яки ҳәкимшилик додалаўы дәўиринде бала өз пикирин айтыўға ҳақылы екенлиги, бунда қарар қабыл етиўге ўәкилликли уйымлар (шахслар) баланың мәпине тийисли мәселени шешиўде ақылға уғрас ҳәм ғәрезсиз пикирлеў қәбилетине ийе баланың пикирин, оның жасынан тысқары, қатаң фактор сыпатында көрип шығыўы ҳәмде баланың ең баслы мәплерин нәзерде тутыўшы қарарды қабыл етиў шәртлиги көрсетип өтилди. Усы қарардың 5-бәнтине тийкарланып, он сегиз жасқа толмаған шет ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахсты, егер оның ата-анасынан бири, қәўендерлик яки әмеңгерликке алған шахс Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы тийкарға көре жасаў ҳуқықына ийе болса, төмендеги жағдайларда Өзбекстан Республикасынан шығарып жибериўге жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузған, Өзбекстанда жасаў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерсиз яки ҳақыйқый болмаған ҳүжжетлер менен жасаған, ўақтынша яки турақлы прописка, көшиў яки турақ жай таңлаў бойынша белгиленген тәртипке әмел етпеген, болыў мүддети тамамланғаннан соң шығып кетиўден бас тартқан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының аймағы арқалы транзит тәризинде өтиў тәртибине әмел етпеген жағдайларда, Өзбекстан Республикасы аймағында исленген жынаяты ушын суд тәрепинен белгиленген жаза орынлап болынған яки өтеп болынғаннан кейин ямаса нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жынайы жуўапкершиликтен яки жазадан азат етилген жағдайларда белгиленген.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиў лазым, бул алып барылып атырған ислер, әлбетте, мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларының бири болып, балалар халық арасында қорғаныў ҳәм ғамқорлыққа ең мүтәж қатлам есапланады. Ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда балалардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратпаў мүмкин емес. Себеби, ҳәр қандай мәмлекеттиң ертеңги күни, келешеги сол елдиң перзентлери есапланады.
А.Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы.
