ЎАТАН ШАҢАРАҚТАН БАСЛАНАДЫ

Ўатан киндик қанымыз тамған, жанымызға мәлҳам, қәлбимизге сырлас ең уллы топырақ. Ол теберик, муқаддес мәканлары менен жүреклерге жай болған ҳәр бир қарыс жери ҳасыл, көзге гәўҳардур. Бүлбүл өз гиясында еркин сайрағанындай инсан да өз ана топырағында емин-еркин жайнап, жасайды. Биз дүньядағы ең уллы түсиниклер алдына ҳәмийше «Ана» сөзин қосып жазамыз. Ана Ўатан, ана жер, ана топырақ. Өйткени дүньяда ананың уллылығына, ананың меҳрине ҳеш нәрсе тең келмейди. Соның ушында ўатан ана түсиниги менен бир ҳәм үнлес. Бул ана топырақтың баҳасы жоқ, теңсиз. Ўатан әзелден муқаддес саналған, соның ушында тамшы суўынан ҳәтте гия шөплерине шекем жат көзлерден қорғалған. Демек, бул журт ушын ҳәр бир перзенти жан күйдирип келешеги ушын пайдасын тийгизип жасаўы лазым.
Ана Ўатанның қәдирин туўылған жерден жырақта, өзге журтта мүсәпир болған инсан тереңирек сезинсе керек?! «Өзге журтта султан болғанша өз елиңде ултан бол» – деген даналық сөз бар. Ҳақыйқый инсан қандай уллылыққа, данқ мәртебеге ериспесин бул тек ғана өз журтында қәдирленеди, жүзикке қойылған қас яңлы жарасады. Себеби, ол оның туўылған жери, киндик қаны тамған ана топырағы. Бул демек, инсан ушын ўатаны, ўатаны ушын перзенти жалғыз ҳәм муқаддес екенлигин аңлатады.
Уллы сөз зергерлери менен данышпан шайырларымыз дөретиўшилигинен туўылған жер сағынышлары тәрийпленген қосықларды оқыймыз. Мәселен: Әжинияздың “Бозатаў” шығармасында өз елинен айра түскен ўатан перзентиниң налаларын терең сезинесең:
Кетер болдық енди бизлер бас алып,
Хош аман бол, бизден қалдың Бозатаў,
Хошласалы қара көзге яш алып,
Хош аман бол, бизден қалдың Бозатаў.
Жийен жыраўдың өз журтынан посып киятырған халықтың аўыр турмысы «Посқан ел» поэмасында сәўлеленеди. Поэма тарийхта болған ўақыялар тийкарында дөретиледи. Бул ўақыяларды шайыр өз көзи менен көрген, халық пенен бирге болып аўыр трагедиялық жолларды басып өткен. Елден кетиў инсан ушын аўыр айралық.
Ўатан қанымызға сиңип, жүрегимизге жайғасқан уллы үмитлер тиреги. Биз ҳәмийше кеўлимизге қандай мақсетлерди нийет қылсақ бәри-бәри сол ўатан туйғысы менен үнлес.
Қарақалпақ атлы мениң Ўатаным,
Тәңирим талайыма басқан мөрим ол,
Ата-бабам жатқан әзиз топырағым,
Қайда жүрсем қайтып келер жерим ол,
Дүньяда еллер көп, халықлар қанша дейсиз. Бирақ, солар ишинде Қарақалпақстан тәнҳа, бизге бабалардан мийрас топырақ. Бул тегин емес. Ана топырағымызда не бир уламалар, уллы инсанлар, данышпанлар дүньяға келди. Олардың даналығы, ақыл-закаўатлығы менен жаратқан мийнетлери ҳәтте буннан нешше мың жыллар бурында дүнья цивилизациясына үлес болып қосылды.
Мине бүгин және бир ғәрезсизлик таңы атты. Ертеден дуўаға қол жайған аталарымыз бенен апаларымыз ең әўеле елдин бирлигин, халықтын тынышлығы менен абадан турмысын, перзентлердиң бахытлы келешегин тилейди.
Босағада еңкейип сәлем берген келинге жасыүлкенниң – «…Балам, бахытлы бол, өнип өскейсең» – деген бир аўыз сөзи ойлап қарасаң қандай уллы тилек.
Инсан баласы бул дүньяға бахытлы жасап, өнип өсиў ушын келеди.
Кишемниң келин болып ийилип түскенине бирнеше жылдың майданы болды.
Ол «Меҳрибанлық үйинде» тәрбияланған. Ата-анасы бахытсыз ҳәдийсе себепли дүньядан өткенде еки жаста ғана екен, кемпир апасыда перзентиниң биймезгил өлимин көтере алмай көп өтпей бул жақты дүньяны тәрк еткен. Соннан жақынларынан ажыралып «Меҳрибанлық үйине» тапсырылады.
Әжағам менен танысқанда атам менен кемпир апам келин қылыўға екиленгенин жасырмайды.
Ол орыс қызы болса, қарақалпақ шаңарағының өзине тән үрп-әдетлери, тәртип қағыйдасы бар, енисиўи қыйын болады деген ойлар өткен. Лекин, кишем өзиниң ақыллылығы, шаққанлылығы менен ийилип түскен шаңарағында жақсы келин атанған. Әсиресе, оның бизиң үйимизге келгеннен кейин жоқары оқыў орнында оқып муғаллимлердиң арзыўы Президент мектебине муғаллим болып жумысқа орналасыўы шаңарағымызды қатты қуўандырған.
Ол мени ҳәм өзиниң еки бирдей гөззал қызларын рус тилинде еркин сөйлеўге үйретти. Тек ғана үй иши, ҳәтте айлана әтирапымыздың көклемзарлыққа айланыўында оның хызмети өз алдына. Тазалықты сүйеди, өзи дене тәрбиясынан сабақ бергеннен кейин бе саламат турмыс тәризине үйде ҳәмме бирдей әмел етемиз, азанда жуўырамыз. Келген ўақтында келбети нағыз рус халқына тән болғанлықтан, ҳәмме таңланып қараған қоңсы-қоба, ағайын-туўысқанлар енди ҳәмме бирдей жақсы көреди. Себеби, олардыңда перзентлерине бийминнет рус тилин үйретип келмекте. Айтпақшы, жақында оның шәкирти Президент мектебин питкерип шет елдеги жоқары оқыў орынларының бирине студент болды. Оқыўшысының ата-анасы үйге келип миннетдаршылығын билдиргенде атам менен апамның қуўанғаны өз алдына болды. Енди атам ҳәмме жерде мақтанып жүреди, себеби келинлериниң бири рус, бири қазақ және бири өзбек қызы. Лекин, бизиң үйде ҳәмме халықтың үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қаралады, бойсынылады ҳәм ҳәммемиз атам менен апамның мақтанышымыз.
Мен атамның ҳәр күни «… бахытлы бол, өнип өс» – деп тәкирарлап туратуғын сөзинде терең мәни ҳәм ҳикмет бар екенлигин бүгин есейе келе аңладым.
Аўа, елдиң тынышлығы мәмлекет ишиндеги киши мәмлекет саналған шаңарақлар беккемлиги менен тиккелей байланыслы. Аўызбиршиликли бир-бирин ҳүрмет еткен татыў орталықта камал тапқан перзент әлбетте, әдеп-икрамлы, тәртип-интизамлы болып өз шаңарағын, өз ўатанын сүйип жасайды. Мине, бул мен өсип, үлкейип атырған көп миллетли бир ғана шаңарақ мысалы. Елимизде бундай шаңарақлар санын санап таўыса алмасақ керек, өйткени биз миллетлер аралық татыўлық қәдирленген уллы журттың перзентлеримиз.

Айназар Шадибаев,
Нөкис қаласы.