Мектепти питкерип жоқары оқыў орны ушын тест сынағына таярланып атырғанда, өткен жылы кире алмай және тапсырыў алдында турған абитуриентлер де талай ғана.
Жасларды қоллап-қуўатлап, үмитин сөндирместен, жәнеде алдыға умтылыўы ушын жаңадан-жаңа қолайлықлар ҳәм де жаңалықлар жаратылмақта. Президентимиз Пәрманы менен жоқары оқыў орнына кириў ушын қосымша қабыллаўлар жаратылды. Ал, бул ҳәр бир абитуриент, студент болыў бахтына ерисиў имканияты. Жасларымыз берилген имканиятлардан үнемли пайдалана билсе, әлбетте мақсетине ериседи.Буның ушын тек ғана билим керек. Ўақытын үнемли сарыплап, күни-түни китап оқып, тест сынағында жоқары балл топласа үлкен жеңиси есапланады.
Заманлас абитуриент досларымыз бенен сәўбетте болғанымызда, Мадина: Медицина институтына бары-жоғы 1 балл жетпей қалып кире алмадым, ал быйыл әлбетте киремен, мен өзиме ҳәм билимиме исенемен. Ал, мен өткен жылы «Жәҳән тиллери» университетине балым жетпей Нөкис мәмлекетлик педагогика институтына филология факультетине контракт тийкарында қабылландым бирақ мениңде, ата-анамныңда бир әрманы «Жәҳән тиллери» университетинде оқып дилмаш болыў. Сонлықтанда бул жылы және таярланып тапсырмақшыман. Исенемен бул жылы әлбетте студент боламан, – дейди достымыз Жулдыз.
Билимиңизге, исенсеңиз бул жылы киресиз абитуриент заманласларым.
Зүлфия ТӨЛЕБАЕВА, Кегейли районы.
