Тарийхый дереклерге жүгинсек қоңыратлылардың ата-бабалары Дешти қыпшақ даласында емес, ал Монголия — Қытай мәмлекетлери менен шегаралас аймақларда жасаған көп санлы турк-монғол қәўимлериниң бири болған. Егерде Мунис Огаҳийдиң «Фирдаўс-ул-иқбал» атамасындағы шежиресине сүйенетуғын болсақ, айтылыўынша Адам атамыздың тоғызыншы урпағы болған Нух пайғамбардың заманында (шама менен отыз мың жыл арыда) дүньяны топан суўы басқан. Бес ай даўамында кемеде жан сақлаған. Текте үш баласының шаңарағы ғана аман қалады. Солай етип, оннан өрбиген урпақлар үш материкке жайылып кетеди. Нухтың үлкен баласы Яфестен тоғыз бала дүньяға келип ең үлкени Әбутүрк болып, оның бесинши әўлады Алтыншадан Татар ҳәм Манғол деген перзентлер туўылады. Тилекке қарсы, татардың жетинши әўлады болған Сүйиниш хан монғолдың алтыншы әўладынан тараған Елханға қараслы елатты пүткиллей қырып таслайды. Бул қырғыннан оның баласы Қаян (қыятлардың атасы) менен Халфтиң улы Нокуздиң шаңарағы ғана жан сақлап қалады. Олардан өнип-өскен урпақлар Ергенек-қон деген дөңгелек таўда (Қырғызстан менен Өзбекстан аралығында) төрт жүз жылдай жасайды.Қаян ханның әўладынан тараған Шорлық мергеннен Қоңырат туўылады. Ўақыттың өтиўи менен Нокуз ҳәм Қоңыраттан таралған урпақлар улысқа айланады. Арадан көплеген әсирлер өтип, дүркин-дүркин әўладлар келип кетеди, не бир қырғын саўашлар болады. Ақыбетинде қүдиретли империялар қулап, ханлықлар, улыс ҳәм қәўимлер де гә ириленип, гә майдаланып бир-бирине араласып, ҳәттеки айырымларының тарийхта аты ғана қалады. Буған бүгинлиги төрт төбе қоңырат урыўларының бир тийреси ғана болып қалған өгиз ҳәм жалайырлар мысал бола алады.
Негедур, Орхон-Енесай (алтыншы әсир) жазба естеликлеринде, сондай-ақ Махмуд Қашғарийдиң (он биринши әсир) мийнетлеринде де қоңырат қәўимлери тилге алынбайды.Бизиңше эрамыздан бурын Қытайларға Уллы қытай дийўалын қурыўға мәжбүрлеген ҳәм түркий қәўимлер менен урыслы болған Хун қәўимлериниң әсиримиз басларында батыс Европаға ғалаба көшиў дәўиринде Ата мәканында қалып қойған аз санлы урпақларынан өрбиген бир тийреси болыўы да мүмкин. Хунғийрат, яғный атлы хунлар атамасы фонетикалық өзгериске ушырап қоңыратқа айланып кетиўи де итималдан қашық емес.
Ал, тарийхшы Рашид-ад-динниң жазбаларына қарағанда усыннан 800 жылдай бурын монгол ҳүкимдары Шыңғыс хан (1155–1227) биринши болып қоңырат қәўимин бағындырған ҳәм солардың қызына үйленген. Оның отыз үш генералының үшеўи қоныратлы, ал, алтаўы жалайыр руўынан болғанлығы айтылады. Егерде қоңыратлылар түслик Арал бойларына Шыңғысханның басқыны ақыбетинде келип қалған болса, соң Шайбанийдиң (1451–1510) атланыслары дәўиринде толысқан ҳәм қонысланыў даўам еткен. Ҳәттеки, қоңыратлы суўпылар династиясы Хийўа ханлығын бес жүз жыл даўамында басқарғанлығы тарыйхтан мәлим.
Төрт төбе қоңыраттың Ашамайлы руўына тийисли атамасының келип шығыў тарийхы олардың бир бөлегиниң Арал бойларына қонысланыўы менен байланыслы деген пикирди қуўатлаймыз. Демек, бул жерге мәжбүрий көширип алып келинген бабаларымыздың бир дүркини Әмиўдәрьяның ашасына, яғный екиге бөлинген тараўында жайластырылған болса керек. Суўында балығы, көлинде қуслары көп, шарўаға жайлы болғанлықтан Ашасы майлы жер болды деп қуўанып, қысқартылған түринде Ашамайлылар атанып кеткен болса да тәжүп емес. Ал қоңыратлылардың Өзбекстан ҳәм Түркменстанның айырым ўәлаятларында ғана емес, ҳәттеки араб-парсы еллеринде де болыўы ханлықлар арасындағы жүз берген қанлы урыслар (иранлылар басқыны дәўиринде де қоңыраттан он мың, айырым дереклерде жигирма мың жигитти алып кеткенлиги ҳаққында тарийхый мағлыўматлар келтирилген) ямаса ханлыққа қарсы көтерилислерден кейин бираз шаңарақларды сүргин етип жибериў жағдайлары, сондай ақ, күн көристиң төменлигинен ғайры еллерге көшип кеткенлери де аз болмаған. Демек, көпшилик ҳалатта олар өзлериниң этникалық атамаларын сақлап қалыўға ҳәрекет еткенлиги ҳақыйқатлық. Оның бир мысалы, Саўдия Арабстанына барған қоңыратлы бир туристиң Мадина ҳәм Жидда қалаларында қоңыратлылар менен ушырасқанлығын, олардың айтыўынша Жидда да үш әсирден берли үлкен бир елат болып жасап атырғанлықларын, руў ҳәм тийрелерге бөлингенлигин еситип таң қалғанлығын айтып берген еди. Ҳәттеки бүгинги күнимизде де мусылман еллериндеги өз-ара урыслардың ақыбетинде халқының бир бөлеги батыс Европа мәмлекетлерине көшип өтиўлери даўам етпекте.
Айтпақшы болғанымыз, барлық түркий тиллес халықлар арасындағы қоңыратлылардың қайсы миллеттен болыўына қарамастан шығысы бир болғанындай, Ашамайлылардың да түби бир. «Қоңыратлы оғуз қәўимлери ҳаққында» деген мақаламызда атап өтилгениндей алымларымыз Қытай, Монғол халықларының, ең болмағанда барлық түркий тиллес миллетлердиң тарийхын үйренип шығыў арқалы да тарийх илиминдеги олқылықларды толтырған болар ма еди деген пикирдемен.
Ал, Ашамайлы руўының Қутым тийресиниң пайда болыўы ҳаққында төмендеги рәўиятларды еситкенмен.
Егерде тарийхқа жүгинсек 1600–1750-жыллар аралығында (ҳәттеки соған шекемде) Иран патшалығының Хорезмге топылысы көп болып турған. Усындай саўашлардың биринде Хийўа ләшкерлериниң байрақдары оққа ушып, туўы жығылады. Буны көрген ләшкерлер өз-өзинен басқы таўып шегине баслайды. Сонда Қутым исмли ләшкер (Қутлымурат) ержүреклик етип, байрақты жоқары көтерип әскерлерди алға баслайды ҳәм жеңиске ериседи.
Урыстан соң хан бул жигитти таптыртып алады ҳәм оған ҳүрмет көрсетилип ерлиги ушын Қоңырат улысының Ашамайлы руўына бийлик етиў ҳуқықын беретуғын пәтек бериледи. Усы ўақыттан баслап Қутым бийден өнип-өскен урпақлар Қутым тийресине тийкар салады. Ол бабамыз шама менен 1730–1792-жыллары жасаған. Мениң атам Палўан бийге шекем Мәтнияз гәршектиң болғаны тарийхый дереклерде атап өтилген. Балалық пайытларымда Қутымтеклилердиң репрессия қурбанына айланған ең соңғы бийи Сапарниязға тийисли мөрди руўлас Дошшан бабамның маған көрсеткенин жақсы еслеймен. Тилекке қарсы, есейгенимнен кейин оның дерексиз жоғалып кеткенин билдим.
Солай етип урпақлар саны көбейген сайын қәўимлер руўларға, олар тийрелерге бөлинип келе берген. Бул тийре атамалары мәкан жайы, кәспи-кәри, саны ямаса минез-қулқына да байланыслы болып бүгинги күнде де даўам етпекте деўге тийкарлар баршылык. Буған мысаллар да көп. Атап айтқанда пайтахтымыздағы «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы бир аўылдың отырықшы турғынлары өзлерин «Нөкистиң қоян тийресиненбиз» деп таныстырады. Ал, Қоңыраттың бурынғы Ахунбабаев колхозы аймағында жасаўшы қытай руўлары арасында шағал тийреси де бар екенлиги буған мысал бола алады.
Ең баслысы Адам ата, Ҳаўа енемиздиң урпақларының бири Әбутүрктен өрбиген түркий халықлардан екенбиз аўызбиршиликте, тыныш-татыў жасағанға не жетсин. Қайсы бир философтың «Дүньяда таза миллет жоқ» дегениндей тарийхты бузып көрсетиўге хешкимге де ҳуқық берилмегенлигин ҳәрдайым есте сақлағанымыз дурыс болады..
Көбейсин Ерназаров,
жазыўшы.
