Президенттиң пәрманы менен айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Президенттиң тийисли пәрманына киргизилген қосымшаға бола, Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин питкерген жаслар 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 000 орын ажыратылады.
Бунда тараў ҳәм тармақлардың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын анықлап, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм тәлим бағдарлары кесиминдеги усыныслар Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға 2023-жыл 20-июльға шекем усынылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
