Азық-аўқаттан зәҳәрлениўдиң ең аўыр түри айырым жағдайларда үй шараятында таярланған помидор, қыяр, баклажан икрасына қусаған консерва өнимлерин пайдаланыў нәтийжесинде жүзеге келеди. Ботулизм микробы консерваланған азық-аўқат өнимлеринде кислородсыз (ҳаўасыз) шараятта тез көбейеди. Кеселлик үй шараятында таярланған консерва өнимлери (палыз өнимлери, мийўе, гөш ҳәм балық), колбаса ҳәм дузланған гөшлерди жеў арқалы организмге өтеди. Ботулизм таяқшалары консерва банкасында жаўық шараятта тез раўажланады, сапасы бузылған консерва өнимлери ишинде газ жыйналыўы нәтийжесинде қақпағы көтерилип барады. Сонлықтан ҳәр қандай консерва өнимлерин ашыўдан алдын оны шайқамастан жақсылап көзден өткериў, қақпағы көтерилмегенлигине, суйықлықтың тынықлығы ҳәм өнимлердиң езилмегенлигине итибар қаратыў тийис. Консерваларды пайдаланғаннан соң 2 саат, айырым ўақытларда 3-4 күн өткеннен кейин зәҳәрлениў белгилери гүзетиледи. Бул кеселликтиң ең жаман тәрепи, шыпакерге жолықпаса, бул жағдай өлимге алып келеди.
Р.Исаев,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими оператив бөлимшеси баслығы майор.
