Мен шығындыға шыққан бесикпен. Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси, шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап, бесик жаным қыйналып жатырман…
Мен қәсийетли ақ бесик едим, енди ким болдым билмеймен?!
Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда, жүреги жарылып, бесик әкелгенде қәсийетли бесик ҳаққында бир аўыз айтпапды, сонысы батады. Себеби ата-бабам не қыян-кести дәўирде де әўладтан-әўладқа жеткерген бесиктиң орны енди жоқ болса!!! Ертеде «анаң да бесик, атаңда бесик» деп үйреткен. Басымды қублаға қаратып, әлпешлеген апалар қайда кеттиңиз? Аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен ҳасыл аналар қайлардасыз?! Бесикке, яғный маған бөленип, «берекет тапқыр ийемниң» бир улы, бир қызы үлкейди. Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп ўақыт болды.
Жақында үйин «евроремонт» қылғалы мен ҳеш жаққа сыймай қалдым.
Кешеги ҳәптеде үйине қыдырып келген қурдасына:
– Үйди кеўлимдегидей қылып ремонтлап алдым. Бурын шифонердиң басына қоятуғын едим, енди мына ремонтыма жараспай тур, шығарып тасламасам, – демеси барма?
Соннан «жүрегим суў» ете қалды.
– Енди туўмайсаң ба? – деп сораў қойды, – достысы.
– Бир қыз, бир баланы «заказной» туўдық, болады. Соларды бақсақта болар, енди перзенттиң кереги жоқ, – деди ийем.
Буларды еситип, бесик болып жаратылған ўақтым ядыма түсти. Бесик усталары аса байып та кетпейди, жарлы да болмайды. Жолы дүзиў, обалды-саўапты билетуғын, сабырлы-диянатлы адамлар ғана бесик устасы болады. Мениң негизим ақ талдан,ямаса тут ағашынан исленеди.
Жас талдан исленгеннен кейин қарақалпақ бесиклери жеңил ҳәм жорға келеди. Жорға болыўының мәниси бир миллиметрине шекем мән берип, еки жағын теңдей етип қашайды. Ақ талды жуқа етип кесип алып, қайнаған суўға салып қояды. Бир ҳәпте қәлипке салып, шегелеп ийип алады. Соннан ийик ағашты кеўдирип бесик қәлпине келтиреди. Бесик онлаған күнде таяр болады. Оннан кейин бесиктиң ийеси сатыўға шығарады. Адам өмирге келгенде бесикке салынады,кетерде де ағаш атқа салынғаны ушын, бесикти саўдаласпайды. Буның мәниси еки ара узақ болсын дегени.
Бурын бесик усталары тек бесикти соғып қоятуғын еди. Ҳәзир базардың сораўына, халықтың талабын қанаатландырыў мақсетинде уста өзи бесиктиң әнжамларын өзи тигеди. Бесиктиң қаўызы тарының қабығы, яғный қаўықтан исленеди. Қаўыздың абзаллығы жуўыўға колайлылығы, қаўықтың емлик қәсийетиниң барлығында.
Еки тартқы баў тигиледи,бири аяқ жағына, бири көкирек жағына. Көкирек жағы анық бир қарыс узынлаў болады. Тартқы баўда да көп хикмет бар. Қалған өмири қуралып кетсин – деп қурақлап тигиледи. Басына көпшикти де қурақтан ислеген. Жабыўларын қысқы-жазғы мәўсимлерге арнаған. Қуяш бетине түспесин деп, қараңғылап уйқылатқан.
Менде жатқан бала шоршымайды, аяқ-қолы дүп-дүзиў болып жатады, арқасы аязламайды.
Тыныш уйқылайды.
Уҳ, несин айтайын?! Ҳәзирги заманда меҳир жоқ дейди. Бул неликтен деп ойлайсыз? Тай қулындай тебискен туўысқанлар бир бесикке бөленсе, бириниң арқасы тийген бесикке, бириниң арқасы тийсе бир-бирине баўырман, мийирман болады. Қәделери көп, жарыспақ заман, ким озарға кетти. Дәстүри пилге аўыр халқым-ай!
Биринши рет қәдирли болып, улын салған ўақытта «атасына шап, апасына шап» деп қәдеге пулларды алған кейўанылар айтпадыма екен? Бесикти далаға таслағаның-пүткил келешегиңди аяқ асты еткениң деп?!
Ҳәзир бириниң бесигине бири жатпайды. Бир аналар бесик зыян деп улыўма бесикке салмайды. Бурынғы ўакытта ата-бабаларымыз бир атаның балаларына бир бесик болады деп тәрбиялаған. Бир атаның төрт перзенти болса, бәри алма-гезек сол бесикке бөленген. Ҳәзир жарыспақ. Бир келинниң баласы бир бесикте жатпайды. Бирин-бири көреалмаўшылық, туўысқанлардың мийримсизлиги бир бесикке түспегеннен болып отыр.
Дәртимди кимге айтайын.
Өзим дийўанаман, кимге пир болайын. Қақсап, шығындыда жатқаныма нешше күн болды. Обалды дейтуғын адам табылмағанына ҳайранлар қалып турыппан. Ең болмаса мешитке апарып тасла, найсап. Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди. Бесик кийели дүнья. Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен…
Мен бесикпен, мен Анаман!
Мен бесикпен, мен атаман!
Бесикти нәрестеден айырмаң!
Нәрестени бесиктен
айырмаң!
Бесик-атаң,
Бесик-анаң!
