ҚАРА МЕТАЛЛ – ЕЛ БАЙЛЫҒЫ

Қурал Қуўандықовтың жаслайынан кәсип-ѳнерге болған қызығыўшылығы басым болды. Қоңырат районындағы кәсип-ѳнер колледжин питкерип, «Қарақалпақстан екилемши қара металл» кәрханасының Қоңырат филиалына темир устасы болып жумысқа орналасты. Оннан берли де жигирма бес жылға шамалас ўақыт зымырап ѳтипти. Сол аралықта «темирден түйме түйген» тәжирийбели, кәсибинен кәмал таўып атырған, мийнети менен мәртебеге ерискен ҳүрметли инсанлардың бирине айланды.
Кәрхана баслығы Ахмет Қосанов жәмәәти ағзалары арасында оны мақтаныш пенен айрықша атап ѳтти. Бул кәрханада кәсибине садық, талапшаң мийнет адамлары хызмет етеди. Нәтийжеде быйылғы 2023-жылдың алты айы даўамында 18 мың тонна қара металл, ал жыл жуўмағына шекем 36 мың тонна қара металл тапсырыўға ерисиўи режелестирилген. Шоманай, Қанлыкѳл, Мойнақ районларынан қара металлар тапсырылады.
– Ел ийгилиги жолындағы ийгиликли жумысларымызды нәтийжели алып барыўда кепсерлеўши Н.Хожимов, П.Аллаяров, газ кепсерлеўшиси Р.Жамалов, пресслеўши Б.Дәўлетов ҳәм дозаметрши-тексериўши К.Ѳтемуратовларды атап ѳтсек арзыйды, – дейди А.Қосанов.
Жаңаберген
Тәңирбергенов,
Қоңырат районы журналист.