Нөкис қаласы аймағында 318 километрлик ирригация тармақлары болып, олар арқалы «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде егилген тереклер, гүллер ҳәм жасыл майданлар суўғарылады.
– Қала әтирапындағы майданларды суўғарыўда жәми 38 насос агрегатларынан пайдаланымыз, – дейди Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасының инженери Баҳадыр Ешмуратов. – Насос агрегатлары тийкарынан қаланы кесип өтип турған «Дослық» ҳәм «Анасай» каналларына орнатылған.
Жасыл майданларды қурыў, егилген терек нәллериниң өсип раўажланыўында суў тәмийнаты әҳмийетли роль атқарады. Соның ушын қаланың ирригация системасын және де жетилистириў мақсетинде «Абат мәҳәлле» бағдарламасы тийкарында «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 1,9 км жаңадан тармақларды қурыў белгиленип, ҳәзирги күнде бул жумыслар 80 процентке орынланған. Соның менен бирге «Қутлы мәкан» МПЖ аймағында жаңадан 3,1 км ирригация тармағын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, 7 ҳәр қыйлы қуўатлықтағы электр насос агрегатлары сатып алынып, қаланың «Айдын жол», «Қумбыз аўыл», «Дослық гүзары», «Боз аўыл», «Қос булақ», «Таслақ» мәҳәллелериниң аймағындағы насос агрегатлары жаңасына алмастырылды. Қаладағы суўғарыў тармақларының жақсыланыўы нәтийжесинде аймақта суў тәмийнатының жақсыланыўына ерисилди.
Ғайрат Отажанов,
Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист.
