Жаңа Өзбекстан стратегиясы руўхый раўажланыў тийкары

Бүгинги қурамалы глобалласыў ҳәм мәлимлеме әсиринде миллетлераралық ҳәм динлераралық қатнасық, татыўлық мәселеси жәмийетимиз раўажланыўының жүдә әҳмийетли ҳәдийселери сыпатында пайда болмақта.
Бул тараўдағы жумысларды избе-из даўам еттириў, жетилистириў ҳәм тереңлестириў ең әҳмийетли ўазыйпалардан болып қалмақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» ҳәм оның «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атамасындағы шығармасында миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлық мәселесине үстинликке ийе мақсет сыпатында айрықша итибар қаратылған.
Кейинги бес жыллықта елимиздиң раўажланыўында пүткиллей жаңа басқыш басланды. Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда Жаңа Өзбекстанды қурыў стратегиялық мақсет етилип, бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Жаңа Өзбекстанды қәлиплестириўде руўхый-ағартыўшылық тараўдағы реформалар ҳәм оларды және де тереңлестириў шешиўши әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, егер жәмийетлик турмыстың денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы-мәнаўият болып есапланады. Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда мине, усы еки беккем үстинге, яғный, базар принциплерине тийкарланған күшли экономикаға ҳәм ата-бабаларымыздың бай мийрасы, миллий ҳәм улыўма адамгершилик қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа сүйенемиз.
«…Мәнаўият – жәмийеттеги барлық сиясий-жәмийетлик қатнасықлардың мазмуны ҳәм сапасын белгилейтуғын тийкар болып есапланады. Бул тийкар қанша беккем болса, халық та, мәмлекет те соншелли күшли болады».
Мәнаўий тәрбияның сапасын кескин арттырыў мақсетинде «Өзбекстанның 2022-2032-жылларға мөлшерленген мәнаўий раўажланыў стратегиясы», «Жаңа Өзбекстан-мәнаўиятлы жәмийет» концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў миллий бағдарламасы ислеп шығылады. Мәмлекетимизде жаратылып атырған руўхый тәрбия системасының жаңа стратегиясы халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында үгит-нәсиятланып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың сапасы менен мазмунын жаңа басқышқа көтериўди тәмийинлейди. Бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпаны көрсетип, Президентимиз былай деген еди: «…Халқымыз, әсиресе, жасларымыздың инттелектуаллық қәбилетин ҳәм көзқарасын байытыў, ўатансүйиўшилик, халыққа муҳаббат ҳәм садықлық туйғысы менен жасайтуғын бәркамал әўладты тәрбиялаў бизиң ең уллы мақсетимиз болып табылады».
Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳәр қыйлы бузғыншы идеялардың миллий қәдириятларымызға қәўпи, терроризм, экстремизм, «ғалабалық мәденият», трансмиллий ҳәм кибер жынаятшылық, адам саўдасы, наркотрапика, глобал пандемия қәўип-қәтерлериниң қәўпи барған сайын күшейип бармақта. Мине, усындай, шараятта жәмийетимизде руўхый тәрбияның роли кескин артып бармақта. Руўхый жақтан сергек болып жасаў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, оларда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў талап етилмекте.
Қ.Юсупов,
Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директорының орынбасары.