Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары жойбарларының додаланыўына бағышланған мәжилис өткерилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, секретариат баслықлары, министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары, сиясий партиялардың ўәкиллери, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик шөлкемлер ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары Р.Нуразизов алып барды.
Онда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, сенатор У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилип, оны турмысқа енгизиўде пүткил жәмийетшиликтиң, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли айрықша екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, жәмийетте реформалардың тийкарғы принципин әмелге асырыў мақсетинде халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға қатнасыўын кеңе
йтиўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилип, жергиликли бюджет қаржыларын халықтың пикирине тийкарланып жумсаў бойынша басламалы бюджет жойбарын әмелге асырыў жолға қойылды. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўден алдын жәмийетлик додалаўдан өткериў кереклиги белгиленди ҳәм сол сыяқлы көплеген басқа механизмлер әмелиятқа енгизилмекте.
Бәршемизге белгили, келеси 7 жылда мәмлекетимиздиң тийкарғы раўажланыў бағдарларын белгилеп беретуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарлары кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыўға қатнасын, ерк-ықрарын әмелге асырыў, ҳәр бир пуқараға өз имканиятын раўажландырыўы ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң зәрүрли буўынына айналған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмийетлик додалаўдың нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылып, усыныслар алынбақта.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясы 5 бағдар 100 мақсеттен ибарат болып, оның шеңберинде улыўма баҳасы 252,2 миллиард долларлық илажлар нәзерде тутылмақта.
Стратегиядан ҳәр бир инсанға өз имканиятын әмелге асырыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў, суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, мәмлекетти қәўипсиз ҳәм тынышлық сүйиўши мәмлекетке айландырыў жумысларын даўам еттириўге қаратылған усы тийкарғы бағдарлар дөгерегиндеги әмелге асырылыўы зәрүр әҳмийетли мақсетлер орын алған.
Илажда стратегияны әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының роли ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўының жәмийетлик мониторинги ҳәм жәмийетлик қадағалаў сыяқлы илажларды шөлкемлестириў менен байланыслы мәселелер ҳаққында түсиниклер берилди.
Стратегияның орынланыўын тәмийинлеўде ҳәмме бирдей жуўапкер екенлиги ҳәм белгиленген мақсетлерге, усы бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы ғана ерисиў мүмкин екенлиги атап өтилди.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген мақсетлерди толық әмелге асырыўда бәршемизден беккем шыдамлылық ҳәм қатаң интизам, бар мүмкиншиликлерди толық бағдарлаў талап етиледи.
Илажда қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
