СӘТЛИ ҚӘДЕМЛЕР

Қоңырат районлық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 37-санлы мектеп спорт бағдарында кѳп ғана жетискенликлерди қолға киргизбекте. Бунда мектептеги денетәрбия пәни муғаллими Баўыржан Қайырымбетовтың мийнетлери айрықша. Ол педагогикалық институтының денетәрбиясы факультетин тамамлап, 2012-жылдан баслап усы мектепте ѳз жумысын баслады. Мектепте 1122 оқыўшы билим алып, оларға 103 педагог тәлим-тәрбия бермекте.
Денетәрбиясы пәни метод бирлеспе баслығы Лена Сейтмуратова басшылығында мектепте сегиз спорт дѳгереги турақлы ислеп тур.
2022-2023-оқыў жылында «Үмит нәлшелери» спорт жарысының районлық басқышында спорттың футбол түринен мектептиң 9-11-класслары 1-орын ал, Республикалық басқышта 3-орын жеңимпазы болды. Спорттың стол тенниси түринен 9-класс оқыўшысы А.Назарбаев 1-орынды ийелеп, республика кѳлеминдеги жарысқа қатнасып, 3-орынды жеңип алды.
– Оқыўшыларымыздың спортқа қызығыўшылығы жүдә жоқары. Олардың ѳзлери қәлеген спорт түри менен шуғылланыўына барлық имканиятлар жетерли. Басланыў алдында турған жаңа оқыў жылында да жаңа табысларға ерисип, үлкен жарысларда елимиз байрағын жоқары кѳтериў нийетлеримиз бар, – дейди Қоңырат районлық 37-санлы мектептиң денетәрбиясы пәни муғаллими Баўыржан Қайырымбетов.

Жаңаберген
Таңабергенов,
Қоңырат районы.