Поэзия

СҮЙИП ҚАЛҒАНДАЙ

Нәзерин Алла бир сизге салғандай,
Шырайыңа шырай қуйып қойғандай,
Бир жигит дәртине даўа болғандай,
Қыз екенсиз жигит сүйип қалғандай.

Сорар едим мен Алладан жалбарып,
Сол жаслықты берсе егер қайтарып,
Сен өттиң-аў қарап бираз салланып,
Қыз екенсиз жигит сүйип қалғандай.

Шыға келдиң сәл азырақ боянып,
Сол қарасың ийбе менен уялып,
Сизге кетпес кимде ышқы оянып,
Қыз екенсиз жигит сүйип қалғандай.

Мына бала сизге кеўил қойғандай,
Бул жуўермек еле жүр ғой ойланбай,
Жамалыңды көрип естен талғандай,
Қыз екенсиз жигит сүйип қалғандай.

Күни-түни сизди менде ойлайман,
Езип мени бунша неге қыйнайсаң,
Тәрип қылсам ақылыма сыймайсаң,
Қыз екенсиз жигит сүйип қалғандай.

ДИЛБАР ҚЫЗҒА

Сизди сүйдим енди жаным Дилбарым,
Бунша мениң жүрегимди қозғадың,
Мен бир жигит келген узын қайыңнан,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

Шырайлысаң не бир сулыў арыўдан,
Қорқып турман Сизди жойтып алыўдан,
Қараңғыда өтсеңдағы жанымнан,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман..

Алық қызсаң-аў билсем өз исиңде,
Хәр дайым Сизди көрермен түсимде,
Бул түсимди жақсылыққа жорыйман,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

Менде қарамадым сениң жасыңа,
Келип турман ҳәзир үйиң қасына,
Маска кийип келсеңдағы басыңа,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

Қыз екенсиз бираз мәртебең бийик,
Жигитлер таласып қалғандай сүйип,
Мың қызды әкелип қойсада жыйып,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

Менде айттым сол кеўилимде барын,
Сөйлетемен Сизге дуўтардың тарын,
Таўып алсам енди турған жайыңнан,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

Кимлер тәме қылмас сулыў арыўдан,
Менде жүрген сырттан ашық пайыңман,
Берсең орын жүректеги жайыңнан,
Шайқатылып жүрисиңнен таныйман.

КЕМПИР АПАМ

Ағарыпты шашларың,
Шайқап мени бесикте,
Палапандай асырап,
Ядымда тур баққаның,
Кемпир апам қайдасыз?

Нақыраты:
Үйимизге келгенде,
Жарқыраған көзлери,
Жаным мениң дегенде,
Палдай татлы сөзлери,
Кемпир апам қайдасыз?
Баққансыз ғой сиз мени,
Қатты баўыр басқаным,
Қайда кеттиң апажан,
Көктен излеп таппадым,
Кемпир апам қайдасыз?

Нақыраты:
Үйимизге келгенде,
Жарқыраған көзлери,
Жаным мениң дегенде,
Палдай татлы сөзлери,
Кемпир апам қайдасыз?

ҚЫЗЫМАН

Қолында бар өнери,
Бәрҳә тийген көмеги,
Не айтсаңда көнеди,
Мен атамның қызыман.

Нақыраты:
Таңда жулдыз шашқандай,
Шырай гүллер ашқанда,
Йошып қосық айтқандай,
Ата-анам қызыман.

Шебер аўқат асқандай,
Сол көринген шаққандай,

Кеўилиме баққандай,
Мен апамның қызыман.

Нақыраты:
Таңда жулдыз шашқандай,
Шырай гүллер ашқанда,
Йошып қосық
айтқандай,
Ата-анам қызыман.

Барлықбай
ТӨРЕЕВ,
Нөкис қаласы.