Өмир бар екен ҳәр бир инсан жақсылыққа умытылып, келешегин жақсы тәрепке өзгертиўге ҳәрекет етиўи сөзсиз.
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен инсан кәдириниң жоқарылаўы Республикамыздың ҳәр бир орынында сезилип турады.
Бирақ, арамызда сондай инсанлар ушырасады, жеңил жол менен көп муғдарда байлық табыў, яки қынғыр ислер менен шуғылланып, биреўдиң мүлкине зыян тийгизиўи мүмкин.
Усындай қылмыслардың бири жынаят ислери бойынша Бозатаў районлық суды тәрепинен үйренилип шығылды, нызам үстемлиги тәмийнленди.
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Бозатаў районы суды, төмендеги қурамда, басшылық етиўши усы судтың баслығы З.Байымбетова, Р.Нурыллаевтыӊ хаткерлигинде, мәмлекетлик айыплаўшы Бозатаў районы прокуроры жәрдемшиси Т.Хожамуратов, жәбирлениўши З.Т ның нызамлы ўәкили Ж.Н ның, судланыўшы А.Қ ҳәм оның қорғаўшысы, «Begim Advokat» адвокатлық бюросы адвокаты М.Жанызаковтыӊ қатнасыўында, дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған А.Қ. қарсысына топланған 1-2317-2301/10 (354011/2023-157сй)-санлы жынаят исин Бозатаў районы Әдиллик бѳлими имаратында, көшпели ашық суд мәжилисинде көрип шықты.
Суд – суд мәжилисинде судланыўшының, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилиниң көрсетпелерин, мәмлекетлик айыплаўшының, қорғаўшы адвокаттың пикирлерин, судланыўшының ақырғы сөзлерин тыңлап, ис материалларын тексерип ҳәм оларға баҳа берип, төмендегилерди анықлады.
Судланыўшы А.Қ 2023-жыл 11-апрель күни саат 20:30 лар шамасында урлық етиў мақсетинде Нѳкис қаласы Фитрат кѳшеси 2-үйде жасаўшы З.Т ның жасаў үйине айнасы арқалы нызамсыз рәўиште кирип, ҳеш ким жоқлығынан пайдаланып, усы бөлмеде турған 650.000 сўм муғдарындағы пуллар, 5 дана банк пластик карталары, бир дана “Nokia” маркалы қол телефон аппаратын ҳәм бир дана смарт қол саатын жасырын рәўиште қолға киритип, нызамға қайшы түрде урлап алып, өзгениӊ мал-мүлкин жасырын рәўиште урлық етиў жолы менен талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынып, пуқара З.Т ға жәми 1.100.000 сўм муғдарда материаллық зыян жеткизген.
Судланыўшы А.Қ жоқарыдағы жынайый ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими «г» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислеген.
Судланыўшы А.Қ өзиниң айыбын толық мойынлап берген көрсетпесинен тысқары, жәбирлениўшиниң көрсетпелери, ис бойынша топланған басқа да дәлиллер жыйындысы менен, яғный:
Жәбирлениўши З.Т қа жынаят нәтийжесинде жеткерилген басқада материаллық ҳәм мораллық зыянларды өндириў мәселесин пуқаралық ислери бойынша судында ис жүритиў тәртибинде шешиў ҳуқықлары бар екенлигин түсиндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 454-457, 463, 465-468, 471-473-статьяларын басшылыққа алып, суд
Судланыўшы А.Қ Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими “г” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылсын.
Судланыўшы А.Қ Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими “г” бәнти менен ис ҳақысының 10 (он) пайызын мәмлекет дәраматы есабына услап қалыў жолы менен 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.
Усындай итибарсызлық яки өзгениң мүлкине жеткерилген зыян әлбетте жазасыз калмайды.
Ата-бабадан калған даналық сөз және бир мәртебе өз дәлилин тапқандай «Қынғыр истиң қыйығы қырық жылдан соңда шығады».
Замира Байымбетова,
Жынаят ислери бойынша Бозатаў районлық суды баслығы.
