«Өмир…
Адамзат бул дүньяда айқуш-уйқыш соқпақлардан, шыдаў оғада мүшкил машақатлы жоллардан жүрип өтеди.
Нәзериңизге усынылып отырған бул шығарма жетимликтен жетилген Өмирзақтың өмир дәптери»-деп баслайды китап оқыўшыларына қаратылған алғы сөзин «Тәғдир соқпақлары» атамасындағы прозалық дөретпениң авторы-келешегинен үмит күттиретуғын талант ийеси, қарақалпақ прозасында повесть, новелла ҳәм гүрриңлери менен көзге түсип киятырған зәбердес қызларымыздың бири-Оралхан Сапарова.
Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 34-санлы ме
ктептиң директоры лаўазымында ислеп атырған автордың китап оқыўшыларына усынып атырған бул үшинши прозалық топламы. Китапқумар жәмәәт буннан бурын автордың «Өмир сабақлары» (2021 ж.), «Қайдасаң, Чинара?» (2022 ж.) топламларын қызығыўшылық пенен күтип алған еди.
Оралхан өз исине оғада талапшаң қәлем ийеси. Шығармаларды изли-изинен қунт пенен жазады. Ҳәзирдиң өзинде оның баспасөз бетлеринде жарық көрген повесть ҳәм гүрриңлери бирқаншаға жетти. Әсиресе, маған оның новеллалары унайды. Немис тили бойынша жетик қәниге оның жәҳән әдебиятын көп оқыйтуғыны, Стефан Цвейг, Ги де Мопассан, Проспер Мериме, Томас Манн шығармаларынан тәсирленетуғыны дөретпелеринде айқын сезилип турады.
Ол экологиялық машқалалар ақыбетинде келип шығатуғын инсан трагедиясын көркем образлар менен шебер сүўретлей алады. Биз буны оның «Қайдасан, Чинара?» новелласында анық көре аламыз. Онда қырғыз қызы Чинара менен Арал бойында өскен қарақалпақ жигити Мураттың ҳәсиретли тәғдири, мөлдир муҳаббаты не деген исенимли, көркем образларда баян етилген.
Бәлким сонлықтан шығар, аты аталған бул новелла 2022-жылы Қырғызстан Республикасының ақын-жазыўшыларының жәмийетлик фонды шөлкемлестирген «Достук копуросу» халықаралық таңлаўынын «Алтын қәлем» сыйлығының лауреаты болды.
«Жазыўшы» баспасы тәрепинен кең жәмийетшиликке усынылған, көркем етип безелген бул топламға автордың повести, гүрриңлери, драббллары, еске түсириўлери енгизилген. 410 нускада басылған китапқа Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, белгили прозаик жазыўшы Бекназар Ерназаров пикир билдирген.
Биз талант ийеси, белгили педагог-жазыўшы Оралхан Сапароваға талмас күш-ғайрат, дөретиўшилик жумысларында үлкен табыслар тилеймиз.
Алп СУЛТАН,
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
