«ШАХЗОДМЕД» САЛАМАТЛЫҒЫМЫЗ САҚШЫСЫ

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар жаслардың бизнес жойбарларына жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратыў белгиленген. Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы күнге шекем «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 29 жасқа жәми 13 млрд. 789 млн. сумнан зыят жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.
Жеңиллетилген кредитлер тийкарында ѳз исбилерменлигин жолға қойған жас исбилермен искерлигин ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы кеңнен таныстырыў мақсетинде пресс-тур ѳткерилди.
Жасларға қаратылып атырған қолай имканиятлар ҳәм жеңилликлер истиң кѳзин таныған жас исбилерменлер ушын жаңа жоллар ашып береди. Нѳкис қаласында жайласқан «Шахзодмед» медициналық клиникасы ѳз жумысын баслап атырған жаңа емлеў орны болып есапланады. Бул орын ѳзиниң ең соңғы бир неше заманагѳй аппаратуралары менен наўқаслардың мүшкилин жеңиллестирип келмекте. ДЦП, нейрохирургиялық, урологиялық, грыжа, бел, желке, қол-аяқ аўырыўлары бийперзентлик сѳйлеўде нуқсаны бар балалар кеселликлерин емлеўде жетерли медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, халқымыздың саламатлығын сақлаўда ылайықлы ѳз үлесин қосып киятырғаны жүдә қуўанышлы.
– «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен медициналық клиника үскенелерин сатып алыў мақсетине 600 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредит қаржысын алып жумысымызды басладық. Бүгинги күнде бес жастың бәнтлигин тәмийинлеўге еристик, – дейди Ш.Каримов.
Исбилерменниң алдына қойған мақсети-халқымыз саламатлығын беккемлеўге ѳз үлесин қосыўдан ибарат. Оның ийгиликли ислерине үлкен табыслар тилеймиз.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.