Қайсы аймақта сүт жетистириў үлеси жоқары? Дәслепки мағлыўматларға тийкарланып, 2023-жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 139, 2 мың тонна сүт жетистирилди, бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 102, 7 % ти қурады.
Сүттиң улыўма көлеминиң ең жоқары үлеси Әмиўдәря районы (14, 5 %) на туўры келди. Соның менен бирге, Төрткүл (12, 5 %), Беруний (11, 9 %) ҳәм Қоңырат (8, 8 %) районларында сүт жетистириўдиң жоқары көрсеткишлери гүзетилди.
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.
