– Жүрегим қысылып бир түрли болып турман, қызым.
– Онда «тез жәрдем» шақырайық.
Тез жәрдем келип, емлеўханаға әкетемиз, – деди. Бурын да жүреги аўырған. Бул екинши мәрте «тутыўы» екен. Күн суўық, қалың қардың шымыры аязы денеңди түршиктиреди. Ири денели, семиз киси үшинши қабаттан зорға тѳменге түсти де жерге ларс етип қулады. Жотасы кишкене қыз бенен жас шыпакер келиншек не ислерин билмей қалды. Жерде жатқан әкесин кѳрип Зибаның ар-сары шықты.
Ояқ-буяқтан адам таўып, семиз адамды алтаў болып, зорға «тез жәрдем» машинасына мингизди. Аўзына дем берилетуғын аппарат орнатылып, жүрекке массаж жасады. Қулаған жеринде жаны шығып болған болса да «Тез жәрдем»ниң шыпакери барынша қолдан келген жәрдемин берип атыр. Емлеўханаға әкелингенде оны қабыл етпей азырақтан соң ҳәмме кийимлерин шешип, үлкен кѳк мешокқа орап, қардың үстине шығарып таслады.
Ол жерден және басқалардың жәрдеми менен моргқа апарды. Зиба әкесинен айырылып, енди не ислерин, оны қалай ѳз елине жеткерерин билмей, тек еки кѳзине «күши» жетип тур.
– Еле де сениң барыңды айт. Ҳеш кими жоқ ѳлилердиң кѳпшилигиниң денеси усы журтта қалып кетти. Бул жақта танысларың болса тезирек аўылыңа әкетиўдиң ғамына кирис. Жылама, ѳзиңди жыйнап ал-деген моргтың шыпакериниң сѳзи Зибаны ѳзине келтирди. Әкесин дәрилеп, орап бериўин оннан ѳтиниш етти. Достысы Рита ядына түсип, оған қоңыраў етип шақырды. Ол да дем де жетип келди. Әкесиниң иниси усы жақта жумыс ислеп атыр еди. Ол да келди. Аўыл менен Қазақстан ортасында ѳз машинасы менен адам тасыйтуғын әкесиниң жорасының да баласы бар еди. Келгенде әкеси Төребай менен кѳрисип, үйине келип кетеди. Оған қоңыраў етип еди, қасына жетип келди.
Анасының ажапасының балалары да усы жақта жумыс ислеп атыр. Оларға да қоңыраў етти. Қулласы, еки машина қатарласып тур.
Жатырған ѳлиниң ҳүжжетлерин туўрылап, аўылға аман-есен алып барса болды. Ҳаял-қызлар әкеге жақын, және кеўли бос болғанлықтан жылаўық болады. Бирақ, Зиба енди улыўма жыламады. Кобалтьтың алдыңғы отырғышын артқа қарай жықты, узынына ѳлини жатқарды. Шофёрдың артына Зиба минди. Ҳәр күни бирге отырған, әкесине еркелеп, оған баўыр басып қалған қыз енди болса ѳз үйине оның ѳли денесин алып баратыр. Кешке жақын болған ўақыя еди. Соннан бери бир күн ѳтти. Ўақыт болса түстен аўды. Оларға ѳли ҳаққындағы хабарды жеткериў де аңсат болмады. Аўылдағылар да шуўласып атыр. Әкесиниң жумыс орнындағыларды хабардар етейин десе телефонның кодын аша алмады. Бир компанияда үлкен тракторды басқаратуғын әкеси енди созылып жатыр. Бурыңғы ислейтуғын жериниң баслығы жәрдеминде әкесиниң ѳли денеси үйине шекем жетиўине қәрежет берди.
«Қазақ ағаның мәртлигин умытпаспан»-деп қойды Зиба оның ислеринен разы болып.
Аўылдағылар тынбай қоңыраў етип атыр. Алматыдан шыққан еки машина жер танабын қуўырып, жүрип киятыр. Бул жерде қалың қар еле еримеген. Күн суўық, оннан қалса думан. Сонда да шофёрларға күш-қуўат берсин, жолды ѳндирип баратыр.
Бул жер менен аўыл арасы тоқтамасқа жүргенде де 25 сааттай ўақытты алады. Түн. Зибаның сирә кѳзине уйқы келмейди. Жумыс ислеп, оқып ѳз орнын тапқан бул қыз бир жигитти қәлеп турмыс қурды. Жигит қыздың тапқанын ишип, оның әперген кийимлерин кийди де нәмәртлик етти. Зиба бул ислерге шыдамады, ажырасты. Соннан бери ѳмирин ѳз исине, оқыўына бағышлады. Әкеси менен усы көп қабатлы жайдың 3-қабатында крейде жасайды. Крейдиң ийеси де кетеринде оның алақанына теңге «басты».
– Жақсы адамлар кѳп екен-аў. Оны басыңа ис түскенде яки қуўанғанда анық аңлайды екенсең-деп ойлады Зиба. Аяғы аўырып, отыра берип ѳзи де шаршады. Жатайын, белин жазайын десе әкесиниң ири геўдеси қасында созылып жатыр.
Тирисинде әкесине еркелеп, дизесине бас қойып жататуғын еди. Енди болса соңғы ирет оның қасында отырып баратыр. Ѳмирдиң ислерин қоя бер, сирә. Әкесиниң кең желкесине басын қойып, жатты.
– Ҳәй, Зиба жатпа, қорқып атырғаның жоқ па? – деп атыр шофёр бала.
– Азамат, әкемниң ѳлиминен неге қорқаман? Ең соңғы мәрте желкесине бас қойып, еркелеп қалайын – деп атырман.
– Жасыүлкенлер ѳли әрўақ жаман болады – деп айтатуғын еди. Артқы машинаға мин десек тыңламадың. Аўырып қалма, және.
– Әкемниң ѳли әрўағы да мени асырап баратыр. Ҳеш нәрсени кеўлиңе алмасаң болды.
Ол түниң менен әкесиниң денесин қушақлап жатты. Орап, қымтап таслаған әкесин сыйпап, шеп қолын тапты. Қолын услап сыйпалады.
Таң саз бергенде бойын кѳтерип, әтирапына қарады. Шегерада да оларды бийжѳн қыйнамады. Ҳәмме жерде ѳлиге деген ҳүрмет күшли екен.
Ѳз елине денеси аман-есен қуўысқанына биринши болып Зиба қуўанды.
Ѳзге журтларда қалып кеткенде не қылар еди?
Елге жеткен соң енди ѳз аўылына ең алыстағы районға жеткенше асығып киятыр. Мине, әкесиниң ѳзге журтларда жүрип, қара мийнети менен салған үлкен имараты алдына келип, еки машина тоқтады. Аўыл-ел, туўған-туўысқан бәри-бәри Төребайдың жансыз денеси соншелли асығып күтип отыр еди.
– Қызды алың, бир қыйлы болған шығар, сорлы.
– Иштеги ҳаялларға айтың денесин «оң жаққа» шығарғанша шуўламасын.
– Айттым, ҳәй бәри-бир мына қызды кѳрип жыламайды – деп айта алмайман.
– Төребайдың иниси де зар еңиреп тур. Бир басып, даўыс шығарып алсын. Кейин ишке алып киремиз.
Қарақалпақтың етти түршиктиретуғын «ўай-ўайы» кешеден бери усы шаңарақты гүңирендирип атыр еди. Төребай ѳз аяғы менен келетуғындай күтип, айнаға қарап, ҳеш нәрсе ишпей-жемей отырған оның анасы, келиншеги, перзентлери, туўған-туўысқанларының зар еңирескен, шуўласқан даўысы аўылды ләрзеге келтирди.
– Сен қыз жылама, әкеңди әкетесең-дегенге жүреги тас болып қалған Зиба ѳз шаңарағына келип, ѳз баўырларының баўырында барынша еңиреп, зарлап, қорланып, жүреги сызлап жылады. Сол елдиң жасы үлкенлери менен молласы ҳаялларды зорға қойдырып, ѳлини ишке алып кирди.
Ири жигитти сонша адамлар зорға кѳтерип ѳз үйиниң тѳрине әкелип, «оң жаққа» қойды. Жақынлары «Мәриям суў»ға ендирди.
Бенденики сол екен. Ѳзи бинә еткен, ҳәмме жерин «пордозлаған», ишинде тойлар берген ѳз шаңарағында созылып жатырған Төребайдың өлгенине қыйналмаған адам қалмады. Ол шынында да жүдә жақсы, ҳақ кеўил, мәрт, туўысқаншыл, ҳәммеге бирдей инсан болды. Ол жақта жүрип видео қоңыраў менен ҳәмме менен сѳйлесе беретуғын еди.
Ѳзи де ҳәзилкеш, денесине жарасқан кең пейиллиги ушын бул суўық хабарды еситкенлер келип атыр, келип атыр. Изи таўсылмайтуғын адамлар менен кѳрисип жылаўға да ҳаял-қызларға күш керек екен.
Бир күн ғана денесин зорға қондырып, өлиниң намазын ирикпейтуғын еди. Ҳәзир болса Төребай келгенше үш күн даўыс шығарып, болдырған оның жақынлары бир тәрептен оның денеси ѳз үйине аман-есен қуўысқанына қуўанып та қояды. Баласын жоғалтып жылаған ана дәртин тыңлаў да аңсат емес еди. Қартайғанда мойнына бундай жүкти алған ана пақыр ѳзин жоғалтып, бурыннан аўыратуғын жүреги әбден сызлады. Адамлар оған «Сениң орның еди» – деп турғандай сексен жасты жасап таслағанына бүгин ѳкинип отыр. Идиралды перзентин жерге қойыў оның ушын аўыр болды.
– Еки күннен бери Тамара «кирпик қақпады» . Ҳәр бөлмеге кирип, шығып делбеленип жүргенине шыдай алмай отырман – деп келинин аяған енеге не айтарыңды билмейсең. Усыларды ойлаған Зиба кемпир апасын да аяйды. Анасының зар еңиреген дәртли, муңлы келбетине қараўға да қорқады. Ҳеш бир «тикенеги» тиймеген зайыбынан айрылған оған да аңсат болып турған жоқ.
Ата-бабасы, әкеси қоным тапқан қойымшылыққа қойылған Төребайдың қәбирин кѳрип, алыстан қорқпастан, еркеклердиң исин етип әкесиниң денесин қушақлап әкелген Зибаның кеўли жай тапқандай болды. Әке менен қызды бир-биринен айырған сум әжелге өкпелеўге болмаса…
Сонда да ең жақсы кѳрген инсанына болған қәлбиндеги муҳаббат орны босап қалған еди…
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
