БАЙЛЫҚ КИТАПТА

Китап бүгинги күнниң тәрбияшысы, келешектиң жолбасшысы, тәлим дереги, пикирлеў қуралы, ғәзийнелер гилти. Ол руўхый ғәзийне, ҳақыйқый байлық. Әсиресе, жаслардың өмиринде китаптың айрықша орны бар. Себеби, жақсы китап инсанды ўатанға деген муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятларға ҳүрмет сезимлерин жоқарылатып, жақсылыққа жетеклейди. Инсанның сана-сезимин байытып, ишки дүньясын қәлиплестирип, ондағы гөззал туйғы сезимлерди ҳәм әдеп-икрамлылық өлшемлерин оятыўшы саналады. Ол кеўилди қыял дәрьясына ығызып, ерксиз толғанысқа салады. Сонлықтан да «китап – билим булағы» деп бийкарға айтылмаған. Китапларда неше әсирлик даналықлар, ата-бабалар мийрасы ҳәм барлық дүньялық илим сәўлеленген . Китаптың сатып алғаны емес, оқылғаны байлық. Ол мәдиниятымызды байытыўшы, оны алтын билимлер менен безеўши мисли бир зергер, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир билим дәргайларында, ҳәр бир орынларда китапқа болған талантты асырыў, оқыўшыларды қызықтырыў ҳәм китапқумарлықты және де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәр бир инсан китап оқыў арқалы өзиндеги кемшиликлерди толтырады деген үмиттемиз сол ушын да сизлер де бәрқулла китап оқып жүриң демекшимен. Қай жерде, қандай жағдайда болсаңыз да сизге қатнасы өзгермейтуғын әдиўли жолдас.

Тазахан
Қдырниязова,
Әмиўдәрья районы, 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеп китапханашысы.