Ҳәзир аўыл хожалығында ғәниймет ўақыт. Себеби, дийқанларымыз жазы бойы ислеген мийнетлериниң есесине, бүгинги ҳаўа-райының ашық-жарық күнлеринде ѳзлери тәрбиялап жетистирген пахта жыйын-теримине бәри күш салмақта.
Қанлыкѳл районы фермерлери де мәмлекет қырманына пахта терип тапсырыўда ат салыспақта. Райондағы «Алтынкѳл» АПЖ аймағында жайласқан тәжирийбели фермер Гүлбәҳәр Сипатдинова басқарған «Гүлзар» фермер хожалығы ѳзлерине қараслы 24 гектар жерден 60 тоннадан асырып, пахта терип тапсырып, режесин орынлап шықты.
