ТЕК АҢШЫЛАРҒА ҒАНА ЕМЕС…

Қазақ даласындағы жоңғар қалмақларының елге болған топылыслары тоқтағаннан соң, қазақтың орта жүзиниң керей тайпасының ярымы ҳәзирги Қытайдың батыс үлкесине аўып, кѳшип барады. Ол жаққа барған қазақлардың биразы турақ таппай, ҳәзирги моңғол елииниң батыс шегарасындағы Алтай таўларына 1860-жыллары барып, пана табады. Монғол елиндеги 3-санлы қазақлар бурынғы ата-бабаларының миллий үрп-әдетлери, салт-дәстүрлерин бүгинги күнимизге шекем кѳздиң қарашығындай қәстерлеп, сақлап келмекте. Солардың ишинде қусбегилер кәсиби елеге шекем монғолиялы қазақлар аң аўлаўға, бүркитшилик ѳнерине жаңа заманға сай жанландырыў мақсетинде соңғы 20 жылдан берли октябрь айының бир күнинде «Бүркитшилер тойы»н тойлайды екен. Оған қатнасыў ушын дүнья жүзинен 60 тан аслам мәмлекеттен туристлер арнаўлы түрде Монғолияға келеди.
Монғолиядағы бүркит сақлаўшы қазақлар туўралы дүньяның кѳпшилик еллеринде кинофильмлер түсирилип, олар туўралы мағлыўматлар берилип бармақта. 1974-жылы Монғолияда дүньяға келген (қазақ миллетинен) Жанарбек Ақби 1990-жыллардан баслап жазыўшылық пенен шуғыллана баслаған. Оның авторлығындағы мақалалары Монғолия, Қазақстан баспасѳз бетлеринде, интернет сайтларда жәрияланып келмекте.
Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының таяныш докторанты, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Журналистлер аўқамының ағзасы Руслан Арзиев Монғолияның Баян-ѳлгей үлкесинде жасаўшы Жанарбек Ақбидиң топлаған бүркитшилик мақалаларын социаллық тармақлар арқалы оқып ҳәм оның ѳзи менен жақыннан танысып, сѳйлесип Жанарбек Ақбидиң «Монғолиядағы қазақ қусбегилериниң тарийхы» атлы китабын қарақалпақшаға журналист Қонысбай Реймов пенен биргеликте аўдарып, «ARIAL NUKUS» баспасында китап етип шығарды.

Дүнья жүзиндеги бирден-бир бүркит пенен аң аўлаў дәстүрин сақлап киятырған Монғолиядағы қазақ бүркитшилери ҳаққындағы Жанарбек Ақбидиң гүрриңлери қарақалпақ оқыўшылар қәўимине де қызықлы болары сѳзсиз.

Ш.СИЙПАТДИНОВ.