…Келиншек шоршып оянды.
Ояна сала қасындағы күйеўине қарады.
Күйеўиниң аман-есен екенин көзи менен көргеннен соң, жылап жиберди. Келиншегиниң хәрекетинен оянып кеткен Қазақбай Гүлдариханы тас қылып қушақлап, алыпты.
– Не болды жаным! Қолайсыз түс көрдиң аў! Қазақбай қабанлап шықтың. Күйеўи өкпелеп емес, қайта ҳәз етип айтып атырғандай, мийримли алақанлары менен сүйикли Гүлдарихасының шашларын сыйпады.
– Түсимде өлип калыпсаң, қоркып кеттим. Тири жүргенине шүкир, Гүлдариха түсиниң изин айталмай жылап жиберди хәм күйеўиниң қушағында өзине келди…
Бул ҳаял болғалы күйеўи ушын биринши кайғырыўы, биринши шын жүректен оның ыссы қушағында балқыўы, биринши рет тѳсектен ләззетлениўи еди…
Қослас болғалы күйеўине биринши мәрте мийрим менен карады.
Қазақбайдың ҳеш кимнен кем пишими жоқ, сәл қара торы, сәл семизирек демесең, қайта шымыры денесине мойылдай шашлары жарасқан қырықтан өтинкиреген палўан жигит.
Гүлдариха күйеуине ынтык көз қараслары менен тѳсегинен турғысы келмей атыр…
Өзине не болғанын өзи де сезбейди.
Бершимек кеўиллер бирден жибисе я?
Ийтерип таслап күйеўиниң кеўлин қалдырғанлары, гөр болып және қатын болып кете бергенлери, муз сыяқлы еримей қыр кѳрсеткенлери, қулласы қатын болған өмири көз алдынан өтип атырса, Қазақбай да келиншегиниң айдай жүзине телмире отырып, көп зәҳәрлерди жутқанын, аса берилип сүйгенинен не қылықларын, не еркешилигин кеширгенлерин жақсы көрип кетер аў деп үмитленгенин еследи…
* * *
Гүлдариханың есине балалығы түсти, онда небары жети жасар қыз еди. Биринши классқа барды. Негедур тап усы Қазақбайды көрсе, аўылдың балалары мазақлап қашады. Қазақбай қара торы, шымыры, семизден келген қонсы аўыл баласы. Бойы келтелеў болғаннан кейин семизлиги билинип турады.
Сол ўакытлары Ташкентте институтта оқыйды екен.
Жазғы демалыста аўылға ҳәр келгенде қасақана алдымыздан шығады.
«Ийттиң ермеги жигилдик» демекши, бизлердиң жинимиз усы жигит болды.
Қазақбайдың ҳәр сапары окыўдан келгенин бизлер билемиз. Себеби ол тап ойласып қойғандай алдымыздан, бизлердиң мектепке баратуғын жолымыздан шығады.
Бир күни мектепке жақын жердеги мазарда адам жыйналысып, өли қойып атыр екен. Ишинде Қазақбай да бар екен.
– Қазақбай кабанның анасы өлген, бизиң үйге хабар айтып кетти, – деди бир бала.
Ол ўақытлары мениң тәўирақ есим енип қалған еди. Соннан баслап Қазақбайға қойылған лақап айтылмай оған жай қараўшылық пенен, гейде анасының өлгенине аяўшылық сезим менен қарайтуғын едик.
* * *
Оныншы классты питкерип, көп әрманлар менен Нөкиске атландым. Ҳужжетлеримди пединституттың тарийх факультетине тапсыратуғын болдым. Аўылдың қызы, бирден Нөкистей қаланың оңлы-шебин биле бермеймен.
Албырап, аўзымды ашып жүргенимде қасымда бир жигит пайда болды.
– Қарындас жәрдем керек болса айта бер, – деди.
– Денсаўлық ҳаққында поликлиникадан мағлыўматнама керек екен. Жәрдемиңиз сол болсын, поликлиниканы силтеп жибериң.
– Силтеген менен таба алмайсаң,жүр бирге апарайын, – деди жигит. Өзим демде туўрылап, тайынлап беремен, иштеги шыпакерлер бәри таныс.
Ҳүжжетлерди екеўлеп тапсырдық, кейин университеттиң алдындағы паркке бет бурдық.
«Жеңис парки» жаслар менен толы екен.
Жигит өзине мени жипсиз байлағандай.
Қаланың жигити болғанлықтан ба, ҳәмме нәрсени билип баратыр.
– Физика факультетинде төртинши курста оқыйман, атым Сағый. Сениң атыңды билип алдым, атын Гүлдариха екен – деп жымыйды.
* * *
Соннан баслап жуплары жазылмас. Сағый қолы босаса болды, Гүлдариханың қасынан табылады.
Күткен күн келди. Август айының жигирмасы еди.
Радиодан аты-фамилиясын студентлер қатарынан еситкенде Гүлдариха өзин жүдә бахытлы сезди.
Онлаған күн оқыдыма, оқымадыма, пахтаға кететуғын болды.
Жигитти ентигип, сағынып излейтуғын әдетти шығарды.
Әне, Гүлдариханың кирейге туратуғын көшесиниң басында күтип турғанын көрип, куўанып кеткен қыз жигитке жеткенше асықты.
Қыздың көзине жигит оғыры сулыў көринеди. Мухаббаты таўланып, жигитке ынтық. Ол да усыны сезеди, тап қасақана қызды күттирип қоятуғын әдетти шығарды.
Раскладушкасын арқалап, пединституттың артындағы Павлов көшеден шыққан Гүлдариханы көриўден Сағый группасының жанына шекем әкелди. Қасынан бир-ели шықпай, автобусын таўып миндирип салды. Студентлерден де тартыныў жоқ. Сондай жигиттиң қасында жүргенине дослары да ҳәўес етип қарайды.
Автобус жүрместен алдын:
– Гүлдариха, излеп барсам мәйлиме, – дейди.
– Кел, күтемен, – қыз уяла тил қатты.
Шоманайдың даласы өз алдына. Шашыў-шашыў аўылларда ҳәр түрли миллетлер жасайды. Булардың шеги түркмен аўылына түсти.
Түркменлердиң келиншеклери зәбердес, қызлары әлпайым, жигитлери мәрт келеди.
Гүлдарихалардың үлесине гирдикарлы шаңарақ түсти.
Азанда келин сыйыр саўады, даладағы қоста бәрқулла қара қуманда чай қайнайды. Енеси ақлығын арқасына арқалап, таўықларына қарап жүргени. Атасы қара шөгирмени басып кийип, хәммеге жумыс тапсырады. Биреўге сөз айтатын болсаң, эдже арқалы сөйлесесең.
Бизлер аўыл қызлары баршылықпыз. Қаланың төрт қызына сәл қыйынлаў. Төртеўи де басшылардың қызлары, бири райком секретары, екеўи совхоз директор, бири тресттиң баслығының қызлары. Бизлерге пахта териў ҳеш гәп, жаллап түсип, фартукти фартукке қоспаймыз. Түске шекем 50 кг, түстен кейин және бир 50 кг теремиз.
Бирақ, кеўлим тек пахтада емес, жас кеўлим елерип, жүрегимди тыныш қоя алмайман. Еки көзим жолда. Кеўлимди сағыныш жайлап, сол жигитти күтемен.
Көзиме ол әлле қандай көринеди.
Үстине кийген джинси шалбары, алқызыл фекон көйлеги, қаланың жигитлерине тән өсириңкиреп қойған шашлары мени өзине ашық қылған.
Көзиме оннан артық жигит жоқтай.
Сағынаман. Сағыныштан жүрегим қанасына сыймайды.
– Оншама не деймен – өзиме-өзим. Ол жигит саған сүйемен-күйемен демесе, тек жәрдемлескени болмаса оның ойында не бар екенин бир қудай биледи – деймен.
– Яғаў, мени жақсы көреди. Жақсы көрмегенде мениң менен ҳүжжетлеримди тапсырысты, шығарып салды, пахтаға кетерде жүклеримди арқалап жардемлесип жүр, мен де ойы бар деп, өзимди-өзим жубатаман. Жигитимниң жолына айдай қарайман.
* * *
Сағый келмеди. Пахта планды орынлап, үш ай дегенде Нөкиске қайттық.
Бир күни алдымнан Сағый шықты.
– Кешке киноға мирәтим бар, деди.
Пахтада изимнен бир келмей енди неге киноға мирәт етеди екен, – деген өкпем болса да индемедим.
– Кел, күтемен – деди жигит.
Кино деген басқаша түс алды.
Сағый қыздың қолынан услап, жай ғана, ҳеш ким сүйремей ақ, тартпай ақ, жолдың шетиндеги көк Комби машынға отырғызды. Жолда өзи түсип қалды, орнына Қазақбай қабан отырды.
Гүлдариха жылады, сықлады, тепти, жулды, пайдасы жоқ…келинлик орамалды жамылып, Қазақбайдың келиншеги болып көнип кетти.
Оқытты да,шоқытты да,балалы-шағалы болды.
Қазақбай қурылыс тараўында иследи. Үлкен мәкеме басшысы болды. Уллар-қызлар туўылды.
Бирақ … Гүлдариха тек Қазақбайдың мәзи ҳаялы еди, айтқаны айтқан, дегени деген, жылына еки рет курорт-санаториясы, базары Ташкенттен,кийими Москвадан тәмийинлеп қойды. Бирақ, сезимсиз өмир даўам етер еди…
Бир күни есиктиң қоңыраўы шыңғырлады.
Қапыны ашқан Гүлдариха есиктиң алдында турған жигит таныстай сезиледи, қай жерде көргенин айыра алмай турғанында жигит;
– Бес сум бересизбе, бир шийшеге жетпей тур, дегенинде даўысы жүдә таныс сезилди.
Шашы ағарып, қәдди бүгилген жигитти әлленемирде таныды, таныды да өзи бир түрли жағдайға түсти, усы Сағыйды деп, күйеўине берген азаплары ядына түсти.
* * *
Түс көрипти. Бала ўақты екен, түсинде Қазақбай қабан өлип қалыпты. Өз түсинен өзи шоршынған Гүлдариха ушып түргелди.
– Қудайға шүкир!
Тири екен ѳмиринде биринши мәрте күйеўин жақсы көрген келиншек бахытлы еди.
Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы.
