Өмир – бул инсанға берилген ең бийбаҳа ғәзийне. Бирақ, бул өмирди ҳәр ким ҳәр түрли жасайды. Кимлердур жақсылыққа талпынып, инсанларға мүмкиншилиги барынша жәрдем қолын созып, аўырын жеңил етиўге ҳәрекет етеди. Инсанлар арасындағы бундай инсаный пазыйлетлерди көрип, кеўлиң анағурлым дәрежеде көтериледи ҳәм өмирге, жасаўға деген қызығыўшылығың және де артады. Бирақ, тез пәт пенен раўажланып атырған мәмлекетимизде өз мәпи жолында аңсат байлық табыўды гөзлеп, нызамға қайшы ҳәрекетлерди қылып атырған шахслар да жоқ емес.
Бүгинги күнде дүнья жәмийетшилигин қорқыўға салып киятырған бул иллет, әзелден жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўына тосқынлық етип атырған ең жаман иллетлердиң бирине айланды. Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен баслап, мәмлекетимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийети қурыўдың улыўма стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде, нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша бир қатар ис-илажлар әмелге асырып келинбекте.
Президентимиз де өз сөзлеринде айтқан еди:
– Реформаларымыз нәтийжеси көп тәрептен коррупцияға қарсы қатаң гүресиўге байланыслы. Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Коррупция бәлесинен қутылыў, реформаларды оның шеңгелинен қутқарыў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз болып табылады. Биз исенемиз күн келип коррупция пүткиллей жоқ болып, мәмлекетимиз буннан да жоқары дәрежелерге ериседи. Буның ушын бәршемиз бир тән, бир жан болып гүресип, елимиз раўажланыўы жолында белсендилик көрсетиўимиз тийис. Миллийлигимизге жат болған бундай иллетлерден аўлақ болайық. Өйткени ертеңги айдын келешек бүгиннен басланады.
Бул жат иллетке бүгин ямаса ертең емес бәлким ҳәзир-ақ шек қойың. Өз келешегиңиз өз қолыңызда!
О.Адилбаев,
Қоңырат райони Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.
