ЖАЗЫҚСЫЗ ЖАЗАЛАЎЛАР ҚУРБАНЛАРЫ ЕСКЕ АЛЫНДЫ

Совет ҳүкимети дәўиринде мәмлекетимиз тарийхында көплеген аянышлы күнлер өткен болып, солардан 1938-жыл 13-октябрь сәнесин атап өтиў орынлы. Бул сәне қарақалпақ интеллигенция ўәкиллериниң қурбан болған күни. Усы күни Қарақалпақстанда басқарыў лаўазымларда ислеп, елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына үлес қосқан инсанлар жабық суд процессинде атыў жазаларына ҳүким етиледи.
2023-жыл, 19-20-октябрь күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи басламасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, университет қурамындағы репрессия қурбанларын еслеў музейи ҳәм тарийх факультетиниң шөлкемлестириўинде Қарақалпақ зыялыларының репрессия етилгенлигиниң (1938-жылы 13-октябрь) 85 жыллығына арналған «Қарақалпақстанда репрессия дәўири тарийхының үйренилиўи: изертлеўлер, жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасында республика илимий-әмелий конференциясы болып өтти. Конференцияға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң басшылары ҳәм илимий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасының барлық ўалаятларында искерлик алып барып атырған Репрессия қурбанларын еслеў музейи директорлары, илимий хызметкерлери, университет профессор-оқытыўшылары, илим изертлеўшилер, докторантлар, студент жаслар ҳәм репрессияға ушыраған инсанлардың әўладлары қатнасты.
Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының кадрлар бөлиминиң баслығы И.Разақов қатнасты.
Конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар мәселелери ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Сахаватдин Алауатдинов ашты ҳәм алып барды. Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардың ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитети баслығы Шарапат Өтемисов шығып сөйлеп, конференцияның жаслар тәрбиясындағы, мәмлекетимиз тарийхын үйрениўдеги әҳмийетин атап өтти ҳәм конференция жумысына табыслар тиледи. Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры тарийх илимлери докторы, профессор Бахтияр Ҳасанов қутлықлаў сөз сөйлеп, бүгинги күнде республикамызда Репрессия қурбанларын еслеў музейлериниң тарийхымызды үйрениўдеги, бүгинги күн жасларын тарийхымыз бенен таныстырыўдағы орны ҳаққында, репрессияға ушыраған мыңлаған ўатанласларымыздың атларын мәңгилестириў бағдарында алып барылып атырған ислер ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң конференция қатнасыўшылары Әндижан мәмлекетлик университети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры тарийх илимлери докторы, профессор Рустамбек Шамсутдинов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, тарийх илимлери докторы Бахыт Қощанов, Наўайы мәмлекетлик университети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры, тарийх илимлери кандидаты, доцент Хуршид Қурбанов, тарийхшы алым, тарийх илимлери кандидаты Баҳаўатдин Алланиязов, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты жетекши илимий хызметкери, тарийх илимлери докторы Сабит Нуржанов, Бухара мәмлекетлик университети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры, тарийх илимлери кандидаты, доцент Азалшох Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи бас илимий хызметкери, тарийх илимлери бойынша философия илимлери докторы (PhD) Бахромжан Ирзаев, Ферғана мәмлекетлик университети жанындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры, доцент Собиржон Сиддиқовлар өзлериниң баянатлары менен қатнасты. Соң репрессияға ушыраған инсанлардың жақынлары шығып сөйлеп, өткерилип атырған конференция шөлкемлестириўшилерине өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Күнниң екинши ярымында республикамыздағы жоқары оқыў орынлары қасында дүзилген Репрессия қурбанларын еслеў мәмлекетлик музейи директорлары Кеңесиниң мәжлиси өткерилип, үгит-нәсият жумысларын еле де кеңирек алып барыў мәселелери бойынша пикир алмасты.
Буннан соң конференцияда өзлериниң баянатлары менен қатнасқан профессор-оқытыўшылар, репрессиялар тарийхы бойынша изертлеў жумысларын алып барып атырған жас илимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықлар ҳәм сертификатлар менен сыйлықланды.
Конференцияның екинши күни қатнасыўшылар республикамыздағы тарийхый орынлар, қаламыздың дыққатқа ылайықлы орынлары менен танысты. Конференция қатнасыўшылары тәжирийбе алмасыў ҳәм музейлер менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейлеринде болып, мәмлекетимиз тарийхы, мәденияты менен жақыннан танысты.
Конференцияны ылайықлы өткериў ушын усы сәнени белгилеўди усыныс етип шыққан тарийхшы Б.Алланиязов пенен биргеликте профессор Б.Қошанов ҳәм болажақ тарийхшы Г.Матсалаевалардың “Қасым Әўезов – Қарақалпақстан мәмлекетлик ғайраткери” китабының таныстырылыўы, сондай-ақ, Қарақалпақстан Жоқарғы судының баслығы болған Алланазар Пирназаровтың урпағы, журналист Кеңесбай Сейданов көплеген мағлыўматты жыйнаўға ерисип, ол ҳаққындағы мағлыўматлар топлам етип баспадан шығарыўға таярланды. Белгили мәмлекетлик ғайраткер Қасым Әўезов ҳаққындағы китаптың таныстырылыўы ҳәм Алланазар Пирназаровтың 120 жыллық юбилейи районларда өткерилиў менен бирге, бирқанша оқыў орынларында ушырасыўлар өткерилди. Бул ҳаққында баспасөзде кең түрде мағлыўматлар берилип барылды. Соның менен бирге музей хызметкерлери ҳәм илимпазлар А.Қудияров, Г.Караманова, А.Алимбетовлардың “Репрессия қурбанларын еслеў музейи” китабы, А.Қудияров, А.Алимбетов, Р.Утемуратовалардың “Репрессия қурбанларын еслеў музейи” оқыў-методикалық қолланбасы, А.Қудияров, А.Алимбетовлар таярлаған музейдиң фотоальбомы, Қарақалпақ зыялыларының репрессия етилгенлигиниң (1938-жылы 13-октябрь) 85 жыллығына арналған «Қарақалпақстанда репрессия дәўири тарийхының үйренилиўи: изертлеўлер, жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы республика илимий-әмелий конференция материаллары баспадан шығарылып, конференция қатнасыўшыларына инам етилди.

Маман Раматуллаев,
Репрессия қурбанларын еслеў музейи хызметкери.