«Жақсының жақсылығын айт, дәўлети тассын» дегендей, бүгинги күни 60 жыллық юбилейи кеңнен белгиленип атырған заманласымыз Пердебай Нуржановтың илимий изленислери туўралы айтыўды мақул деп таптық.
Белгили әдебиятшы алым, филология илимлериниң докторы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы Пердебай Нуржанов қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң жетекши ўәкиллериниң бири. Ол 1989-1993-жыллары Москва қаласын
дағы М.Горький атындағы Жәҳән әдебият институтында стажёр-изертлеўши, аспирант болып жүрип атлары дүньяға белгили әдебиятшы-алымлардан тәлим алады ҳәм сол жерде 1994-жылы Т.Қайыпбергеновтың тарийхый романлары бойынша кандидатлық, 2020-жылы “Қарақалпақ роман поэтикасы: сюжет ҳәм композиция (1970-2000-жыллар)” атамасында докторлық диссертациясын жақлайды. Оның “Сверяя с народной памятью ” (1994), “Дәўир талабы ҳәм көркем әдебият” (1993), “Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ прозасы” (2003), “Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы (композициялық ҳәм жанрлық – стиллик өзгешеликлери)” (2008) “Ҳәзирги қарақалпақ романы (сюжет ҳәм конфликт поэтикасы)” (2009), «Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты» (2019 басқа авторлар менен бирге), «Қарақалпақ әдебияттаныўы ҳәм әдебий сын тарийхы» (2021 басқа авторлар менен бирге), «Қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң көрнекли ўәкили» (2022) мийнетлери басылып шықты. Ол улыўма билим бериў мектеплерине, жоқары оқыў орынларына арналған сабақлықлар, оқыў қолланбалар авторы.
П.Нуржановтың әдебий мийрасымызды, поэзия менен прозамызды, әсиресе, романшылығымызды изертлеўге арналған мақалалары Москва қаласындағы “Наследие”, «Современные гуманитарные исследования», Ташкент қаласындағы “Марказий Осиё маданияти”, “Ўзбекистон адабиёти ва санъати”, «Правда Востока», «Миллий тикланиш», «Жаҳон адабиёти», «Шарқ юлдузи» ҳәм республикамыздағы баспаларда жәрияланды.
П.Нуржанов илимий искерлигиниң басқа әдебиятшылардан айырмашылығы соннан ибарат, ол әдебиятымызды жәҳән әдебияты контекстинде изертлеўге умтылады. Оның көплеген мақалалары жәҳән әдебияты тарийхында исимлери белгили көрнекли сөз шеберлериниң дөретиўшилигине арналған. Мысалы юбилярдың “Жәҳән романшылығының тийкарын салған әдебий тулға” («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 15-май) деп аталған мақаласында Испания Ояныў дәўири әдебиятының ири ўәкили Мигель де Сервантес дөретиўшилиги ҳаққында сөз етиледи. Автор жазыўшы Сервантестиң өмири ҳаққында мағлыўмат бериў менен бирге, оның “Дон Кихот” романының пүткил дүнья реалистлик романы раўажланыўына түртки болғанын атап көрсетеди. Бас қаҳарман Дон-Кихоттың образын таллай отырып, оның ояныў дәўиринде жетекши болған гуманизм идеясының сәўлелениўине хызмет еткенлиги ҳаққында айтады. “Дон-Кихот” романы менен XVI-XVII әсирлерде басланған жаңа бағыттағы романшылық Батыс Европа ҳәм Түркий тиллес халықларының әдебиятында роман жанрының пайда болыўында үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын, мәдений-әдебий байланыслардың раўажланыўына жол салғанлығын атап көрсетеди.
П.Нуржанов “Қураны Кәримнен илҳамланған шайыр” («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 4-декабрь) деп аталған мақаласында немец ағартыўшылық әдебиятының уллы ойшылы Иоганн Вольфганг Гётениң дөретиўшилигин изертлеген. Оның Қуран тәлийматынан тәсирленип дөреткен шығармалары ҳаққында пикир жүргизеди. Ояныў дәўири әдебияты тарийхында ҳәм оннан кейинги ағартыўшылық дәўири әдебиятында Шығыс темасы, Шығыс халықлары турмысы, батыр, мәрт адамлардың образлары көпшилик Европалы жазыўшыларды қызықтырғанын дәлиллейди. Гётениң ислам тәлийматына қызығыўына немец философы ҳәм тарийхшысы Йоган Готфрид Гердер себепши болғанын, сол адамның усынысы менен Гёте Қураны-кәримди оқығанын ҳәм оннан тәсирленип “Муҳаммед қосығы”, “Муҳаммед драмасы”, “Қураны Кәрим жуўмағы” дөретпелерин жазғанын, Шығыстың уллы шайыры Ҳафиздың шығармаларынан илҳамланып та жаңа шығармалар дөреткенин айтады. Юбиляр Гётениң шығармаларының өзбек, қазақ, қарақалпақ тиллерине көркем аўдарма исленгени ҳақкында айта келип, Т.Мәтмуратовтың “Фауст” трагедиясын аўдарғаны, буның шайыр дөретиўшилигине унамлы тәсир жасағаны, себепли «Жақсы адамның жүреги» ҳ.т.б поэмалар жазғанын айтады.
П.Нуржанов Англия Ояныў дәўири әдебияты уллы ўәкили Уильям Шекспирдиң дөретиўшилиги ҳаққында жазылған “Ашығыў-машықларға қойылған көркем сөз ҳәйкели ҳәм оның авторы ҳаққында” («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 17-апрель) атлы мақаласында Ш.Айтматовтың “Жамийла” повести менен У.Шекспирдиң “Ромео ҳәм Джульетта” трагедиясында сүйиўшилик темасының сүўретлениў өзгешеликлери, жәҳән әдебияттаныў илиминде Шекспиртаныў илиминиң пайда болыўы, У.Шекспир талантының уллылығы туўралы сөз етеди. Бул мақаласында П.Нуржанов Шекспир шығармаларының түркий тиллерге аўдарылыўына да тоқтайды, аўдармадағы шеберлик мәселелери бойынша изертлеў жумысларының пайда болғанын, диссертациялардың жақланғанын, монографиялардың жазылғанын көрсетеди. Өзбек әдебиятшысы Ғ.Саломовтың “Таржима ташвишлари” монографиясына сүйенип Шекспирдиң М.Шайхзаданың “Мирзо Улуғбек”, А.Якубовтың “Улуғбек ғәзийнеси” шығармаларына тәсири ҳаққында айтады. Шекспир шығармалары рус тилине Б.Пастернак, М.Лозинский, Ю.Корнеев, Б.Левиклер, өзбек тилине А.Чулпан, М.Шайхзода, Ғ.Ғулам, Уйғун, А.Мухтар, С.Ахмадлар, қазақ тилине М.Аўезов, М.Мақатаевлар, қарақалпақ тилине И.Юсупов, Д.Айтмуратов, М.Қарабаев, Т.Мәтмуратовлар тәрепинен аўдарылғаны ҳаққында сөз етеди.
П.Нуржановтың “Кишкене Боготадан– пүткил әлемге” («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 13-март) деп аталған мақаласында Латын Америкасының уллы жазыўшысы Габриэль Гарсиа Маркес дөретиўшилиги ҳаққында сөз етиледи. Автор өзбек илимпазы, Наим Каримовтың пикирине сүйенип, ХХ әсирдиң соңғы шерегинде дүнья әдебиятының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан үш тулға М.Булгаков, Ш.Айтматов ҳәм Габриэль Гарсиа Маркес екенлигин белгилейди. Г.Г.Маркестиң өзиншеллик дөретиўшилик стилиниң қәлиплесиўинде атақлы көркем сөз шеберлери Э.Хемингуэй, Ф.Кафка, У.Фолкнерлердиң тәсири үлен болғанлығы ҳаққында жазады. Сондай-ақ, Г.Г.Маркесттың «Жалғызлықтың жүз жылы» романы ҳаққында өз пикирлерин билдиреди.
«Шығыстың илимий-эстетикалық ой-дүньясының белгили тулғасы» («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 21-февраль) мақаласында П.Нуржанов Шығыстың орта әсирлердеги уллы ойшылы, жетик көркем сөз шебери Омар Ҳайямның өмири ҳәм әдебий дөретпелери ҳаққында баҳалы, қызықлы мағлыўматларды келтиреди. Сондай-ақ алым бир қанша мақалаларында Бабур, Ә.Наўайы, Рашид-Ад-Дин дөретпелери ҳақкында да сөз еткен. Мәселен «Бабурнама-тарийхый–илимий ҳәм көркем дөретпе» («Қарақалпақстан жаслары», 2004, 14-февраль)
мақаласында «нама» жанрының пайда болыўы, оның тарийхый шығармалардан айырмашылығы, дөретпениң мазмуны, жәҳән Бабуртаныў илиминиң пайда болыўында, Н.И. Веселовский, В.Бартольд, А.Н.Самойлович, В.Захидов, Б.Ахмедов, Б.Валихўжаев, А.Абдуғафуровлардың мийнетлериниң әҳмийетин атап өтеди. «Ғәзел мүлкиниң султаны» деп аталған мақаласында П.Нуржанов өзбек әдебиятының даңқлы тулғасы Әлишер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның шығармаларының изертлениўи, дөретпелериниң мазмуны, шығармаларының басқа тиллерге аўдарылыўы ҳаққында тоқтайды.
П.Нуржанов «Верлибр ҳаққында ойлар» мақаласында («Әмиўдәрья», 1990, №4) бул мәселе теориясы ҳаққында қарақалпақ әдебияттаныў илиминде 1-мәртебе сөз етилген. Юбиляр жәҳән әдебияты тарийхындағы кең тарқалған бул поэтикалық форма ҳаққында пикир жүрите отырып, бул поэтикалық форманың пайда болыў тарийхы менен оның өзине тән өзгешелиги, көркем тәбияты ҳаққында сөз етеди.
«Ҳақыйқатгөй әдебий тулға» деп аталған мақаласында П.Нуржанов Д.Айтмуратовтың әдебий искерлиги ҳаққында таныстырып, шайырдың М.Горький атындағы Жәҳән әдебияты институтында оқығаны, жәҳән әдебияты көрнекли ўәкиллери Эсхил, Э.Роттердамский, Н.В.Гоголь, И.Крылов ҳ.т.б. шығармаларын үйренгени, Нидерландия әдебиятының уллы ўәкили, XVI әсирдиң басларында жасаған Эразм Роттердамскийдиң «Акмақлықты мақтаў» сатиралық шығармасын аўдарғаны, оннан тәсирленип «Пирқаққан» комедиясын жазғаны, улыўма Д.Айтмуратовтың жәҳән әдебияты дәстүрлерин қарақалпақ әдебиятына әкелип раўажландырғаны ҳаққында сөз етеди.
П.Нуржанов жәҳәнге белгили тулға Т.Қайыпбергеновтың дөретиўшилигиниң әҳмийети ҳаққында «Халқын дүньяға танытқан жазыўшы», «Жазыўшының ой дүньясы», «Оламга йўл», «Литературный мир известного писателя» ҳ.т.б. мақалаларында сөз етеди. Оларда П.Нуржанов жазыўшы шығармаларына терең талқы жасайды, жәҳән әдебияттаныў илиминде жазыўшы мийрасының жоқары дәрежеде баҳаланыўы, оның дөретпелериниң жәҳән әдебиятының әжайып дүрданалары қатарында орны бар екенлигин дәлилейди.
Улыўма юбиляр тәрепинен әдебиятымыздың жәҳән контекстинде изертлениўи миллий көркем сөз дүньямыздың ҳақыйқый келбетин ашыўға, келешек раўажланыў бағдарын анықлаўға хызмет етеди деп ойлаймыз.
М.Бекбергенова,
Әжинияз атындағы НМПИ филология илимлериниң кандидаты, доцент.
