Санлар сөйлегенде

Қарақалпақстан Республикасында 2 балалы үй хожалықлар үлкен үлести қурады

2023-жылдың январь – сентябрь жағдайына көре Қарақалпақстан Республикасында 16 жасқа шекем балалы үй хожалықлары 76, 5 % ти қурады.
Соннан:
– бир балалы үй хожалықлар – 23, 1 %;
– еки балалы үй хожалықлар – 29, 8 %;
– үш балалы үй хожалықлар – 17, 3 %;
– төрт ҳәм одан көп балалы үй хожалықлар – 6, 3 %.
Гүзетиў нәтийжелерине көре, 23,5 % үй хожалықларында 16 жасқа дейинги балалар жоқ.

Қарақалпақстан Республикасының сыртқы саўда айланысы

2023-жылдыӊ январь–cентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасының сыртқы саўда айланысы 377,8 млн. АҚШ долларға жетти ҳәм 2022-жылдың январь–сентябрь айларына салыстырғанда 86,9 % ти қурады.

Халықтың жан басына көрсетилген базар хЫзметлериниҢ тийкарғы кӨрсеткишлери

2023-жылдың январь–сентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасында халықтың жан басына көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 4 540,9 мың сумға жетти. Өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 107,8%ти қурады.

ЖАЛПЫ АЙМАҚЛЫҚ ӨНИМДЕГИ үлеси

2023-жылдың январь–сентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасының ЖАӨ қурамында киши исбилерменлик субъектлериниң үлеси 56,9 % ти қурады, 2022-жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда 3,2 пунктке көбейди.

ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.