ЖАРАМСЫЗ НӘРСЕ ЖАМАН ЖАҒДАЙҒА ТҮСИРЕДИ

Усы жылдың 11 айы даўамында Тақыятас районы аймағында 16 орында өрт жүз берген болса усылардыӊ көпшилиги өртке итибарсызлық пенен қараўы ҳәм жас өспирим балаларды үйлерде жалғыз қалдырып шырпы менен ойнаўы, электр ток үскенелериниӊ қысқаша тутасыўы, жарамсыз шлангалардың жалғаныўы ақыбетинде өрт пайда болып, бир қанша материаллык зыянлар келмекте.
Усындай өрттиң ақыбетлерин келтирип шығармаў ушын Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери газ, электр кәрханасының хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик ҳәм қөп қабатлы турақ жайлардыӊ өртке қарсы жағдайын көзден өткериў бойынша рейдлер шѳлкемлестирмекте. Тилекке қарсы, айырым пуқаралар өрттиӊ алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип өрттиӊ келип шығыўына жол қоймақта.
Өрт болған орында бир қанша материаллык зыян ҳәм бахытсыз хәдийселер жүзеге келеди. Соныӊ ушын ҳәр биримиз айрықша жағдайлардыӊ алдын алсақ оны булжытпай орынласақ өрттиӊ алдын алған боламыз. Өртти өширгеннен көре оның алдын алған абзал емеспе. Қыс айларында өртке итибарсызлык пенен қарап итибарсыз болмайық.
Соның менен бир қатарда сизлерге бир нәрсени еслетип коймақшымыз, егерде өрт қәўипи ямаса басқада қәўетерге салатуғын ўақыялар, айрықша жағдайлар жүз бергенде төмендеги көрсетилген қысқа телефон нөмерлерине хабар бериўинизди соранамыз: 1050 (101).
Б.А.Бердимуратов,
Тақыятас районы, АЖБ инспекторы аға лейтенант.