Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (СПИД) кеселлиги ҳаққында ҳәммениң улыўма түсиниги бар. Еситкенде қорқыныш пайда болып, аянышлы ақыбети көз алдыңа келеди. Бул кеселлик ҳаққында алып барылып атырған үгит-нәсият жумыслары арқалы түсиниклеримиз және де кеңейип, беккемленип барады.
Қәнигелердиң айтыўынша кеселлик-саўатсызлық ҳәм медициналық билимниң жетиспеўшилигинен келип шығады екен. Кең жәмийетшилик пенен биргеликте жаман иллетлерге ҳәм жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиў, алдын алыў жақсы нәтийже берери анық.
Пүткил дүнья жүзинде миллионлап инсанлардың өмирине қәўип туўдырып, көплеген шаңарақлардың тынышлығын алған ҳәм соның менен бирге дүнья жүзи мәмлекетлериниң экономикасына да үлкен зыян жеткерип атырған АИЖС кеселлиги инсанияттың ең баслы машқаласы болып қалмақта.
Кеселлик түрли жастағы адамларда анықланып, әсиресе әйне нәўқыран 20-49 жас аралығындағылар арасында көплеп ушырасыўы және де қәўипли есапланады.
Бул кеселликтиң және бир өзине тән “мәккарлығы” кеселлик белгилери бирден көзге тасланбайды. Сонлықтан ҳәтте өзи билмеген ҳалда екинши адамға жуқтырып алыўы мүмкин. Жасырын дәўири 8-10 жылға шекем де даўам етиўи мүмкин. Дүнья жүзинде АИЖС кеселлиги 1980-жыллардан баслап дизимге алынған болса, бизиң Қарақалпақстан Республикамызда 2003-жылдан баслап дизимге алынып, 20 наўқас анықланған. Тилекке қарсы бүгинги күнде бул кеселлик 96 адамда анықланған. Соңғы ўақыттағы сыртқы мийнет миграциясының кең жолға қойылыўы да бул кеселликтиң көбейиўине тәсир жасамақта. АИЖС ҳаққында билимлеримизди және де кеңейтип барыў арқалы да өзимизди ҳәм жақынларымызды асырап-абайлап кең жәмийетшиликте де өз пайдамызды тийгизе аламыз.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы АИЖС ке қарсы гүресиў орайында 1-декабрь —Дүньяжүзилик АИЖС ке қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен “Саламат турмысқа қарай биргеликте” сүрени астында баспасөз конференциясы болды. Конференцияға бирге ислесиўши бир қатар шөлкемлер, оқыў орынлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Конференцияны орай шыпакери А.Жәнибекова алып барды. Бас шыпакер Ж.Рустамова видео-слайд арқалы кең түрде баянат жасады. Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы ҳәм алты районда лаборатория ханалары ислеп турғанлығын атап өтти. Және қосымша автомобиль лаборатория арқалы да халық арасына барып, ықтыярлы аноним түрде анализ тапсырыў ислери алып барыў жолға қойылғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, соңғы заманагөй әсбап-үскенелер жәрдеминде анализ 20 минуттың ишинде анықланыўын мәлим етти.
Кеселлик негизинен үш түрли усыл менен жуғады. Жынысый жол менен, наркотик өнимлерин бир шприц арқалы бир неше адам тамыр арқалы пайдаланыў жолы менен, вирус пенен зыянланған, тексерилмеген ҳәм зыянсызландырылмағанда, жетерлише дезинфекцияланбаған хирургиялық, акушерлик, стоматологиялық, шаштәрезлик ҳәм басқа әсбап-үскенелер арқалы медициналық жәрдем алғанда шприц ҳәм ийнелерден көпшилик пайдаланғанда парентерал, инфекция жуқтырған ҳәмиледар ҳаял анадан балаға ҳәмиледарлық пайытында жарақатланған жолдасы, бала туўылыўы ўақтында туўыў жоллары жарақатланыўы ҳәм баланы емизиў барысында ана сүти арқалы-вертикаль жол менен жуғыўы дәлилленген.
Бүгинги күнде пүткил дүнья жүзинде АИЖС тиң пүткиллей еми табылмаған. Дәрилер тек ғана наўқастың өмирин узайта алады. Ретровирусқа қарсы терапия вирусты жоқ етпесе де, қанда көбейтип кетиўиниң алдын алады. Сол арқалы иммунитет жақсыланып вирусқа қарсы гүресиў клеткалар саны артады.
Бул кеселлик пенен пүткил дүнья жүзи гүресер екен, жәмийеттеги “қәўипли топарлар” яғный жеңилтек ҳаял-қызлар, қәте екенин билсе де нәпсин тыя алмаўшы ер адамларда тарқатыўшыға айланып қалады. Солайынша өз өмирине өзи “ҳүким” шығарады.
Мақаланы таярлаў барысында аты-жөни сыр сақланған бир ўақыя менен таныстық. Елиў жасларға барып қалған ҳаял жасларға барып көп аўырып, шыпакерлерге көринген. Емленген нәтийже болмаған. Соң усы орайға келип анализ тапсырыў усыныс етилген. Ол үйде келиним, ақлықларым бар. Усы жасымда қалай мен сол кеселликке тексерилип жүремен. Адамлар еситсе, масқара боламан деп және бираз ўақытты өткерип алады. Соң анық денесинде исикли жаралар ҳәм аўыз баслығында да стоматит күшейип диңке димары қалмаған пайытта ғана келип анализ тапсырады. Онда АИЖС кеселлиги анықланады. Оған қәнигелер тәрепинен медициналық көрсетпелер берилип, еки ай даўамында жейтуғын дәрилерин береди. Еки айдан соң келип және анализ тапсырып, тексериўден өтиў кереклиги түсиндириледи. Арадан еки ай өтип, наўқас келгенде, оның жағдайы жақсыланып, ол өз миннетдаршылығын билдирген. Тәртипли турмыс тәризинде жасап киятырған ҳаял, бул кеселликти қаяқтан жуқтырдым деп қараса, күйеўи қамақханада отырып шығып келгенлигин сол арқалы жуқтырғаны анықланады.
Ҳәзирги ўақытта узақ мүддетке сырт елге мийнет миграциясына шығып келген пуқаралар шегарадан өткен ўақытта усы орайға дизими жиберилип, өз ўақтында АИЖС ке анализ тапсырыў жолға қойылған. Бирге ислесиўши уйымлар менен биргеликте көп ғана әмелий жумыслардың барысы менен таныстық. Конференция даўамында сораў-жуўаплар болып, жаңа усыныслар ортаға тасланды.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
