Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы “Әдалат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды менен биргеликте юридикалық әдебиятлардың китап саўдасы ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Ярмарка даўамында барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлерине, сондай-ақ адвокатлар ҳәм басқада ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерине соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен баспадан шығарылған рәсмий басылымдағы Өзбекстан Республикасының кодекслери баспа баҳасында сатылды.
Бундай илажлар судьялардың ҳәм басқа да тараў хызметкерлериниң нызамшылықтағы соңғы өзгерислер менен турақлы танысыў, баспадан жаңадан шығарылған китаплар ҳаққында мағлыўмат алыў және арзан баҳада сатып алып, күнделикли жумыс процесинде пайдаланыў мүмкиншилигин береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
