ГӨЗЗАЛЛЫҚ ДҮНЬЯ ҚУРБАН

– Салонға барыўым керек еди. Ўақыт таппай атырман.
– Не салон.
– Косметологқа.
Бетимде қара дақлар, қызарыўлар болып атыр.
– Достым-ай, турыптығо ютубты ашсаң, бәри косметолог.
– Яғаў, бәрибир тәжирийбели косметологқа жолығыўым керек.
Бул еки қыздың пикирин де мақуллағың келеди. Олар айтқан социаллық тармақлардағы мәсләҳәтлерде дурыстай түйиледи. Бирақ, қәниге мәсләҳәти пайдалырақ ҳәм исенимлирек емес пе?
Биз усындай түрли пикирлерде жүрген ҳаял-қызларға тәжирийбели косметолог мәсләҳәтин жеткериўди уйғардық.
Пайтахтымыздағы «JADORE» салоны, 25 жыллық тәжирийбеге ийе 1 категориялы ҳаял-қызлар косметологи Бибихатша Сариеваның гөззаллық қәнигеси болыўына түртки болған не?
– Хожели районында туўылғанман. 8-класс ўақытларым. Бир күни анам нан жаўамыз, тандырдағы отты жағып кел қызым, – деди. Балалығым, шалалығым, солярка майын тамызып, шырпыны жаққаным, от бетиме урды. Бет-жүзим, қолларым күйип қалды. Емлеўханада көп емленип, үйге шықтым. Күйген жерлеримде тыртықлар қалды. Ҳәр нәрселер ислеп жүрдим.
Бир күни ағайинлердиң үйине қыдырып бардым. Косметология китабы көзиме түсип, оқып, үйренип барыўым арқалы өзиме пайдаландым ҳәм усы тараўға қызығыўшылығым артты…
Бибихатша Сариева 1985-жылы мектепти питкерип, Украина Республикасының Львов қаласында косметология бойынша 6 айлық курста ал, 1993-жылы Өзбекстан Республикасы «Эффектология оқыў-әмелият орайы»нда оқып, гөззаллық сырларын үйренип, ҳаял-қызларымызға гөззаллық бағышлап келген. Ал, бүгинги күнде бул раўажланған заман талабындағы тараўға айланды десек қәтелеспеймиз. Ҳаял-қызларымыздың пикир дүньясы кеңейди. Өзлерин жақсы көрди. Косметологлардан мәсләҳәтлер алып, дәўирдиң гөззаллыққа шайда ҳаял-қызлары көбейди.
Тәжирийбели кәсип косметологи Бибихатша Сариеваның гөззаллық сырларынан мәсләҳәтлер алдық. Оқыған, үйренген, тәжирийбе арттырған қәниге мәсләҳәти, жоқарыдағы екилениўши пикирлерди анық айқынластырды.
Тәжирийбемнен келип шығып, заманагөй косметология емес тәбийий косметологияны мәсләҳәт еткен болар едим. Бизде ҳаўа-райы қурғақ, қуяш нуры өткир. Сол ушын он алты жастан бет жүзимизге күтим бериўимиз керек.
Әпиўайы ҳәмме шаңарақта табылатуғын арзан затлардан маскалар ислеўимиз мүмкин.
Майлы угрий көп шығатуғын бетлерге дәриханаларымыздан циньковый мазь алып, бетимизге жағамыз. Кеште бетимизди тазалап жуўып алып, циньковый маздың цинковый пастасын жағамыз.
Ямаса ең аңсаты әпиўайы зубной паста (кишкене қасық) менен лимон суўы менен араластырып, күнде кеште уйқыдан алдын ярым саат бетимизге жағамыз. Бул теримизди нормаға келтиреди.
Қурғақ бетлерге де циньковый мазь жағып жүремиз. Жыйрыққа (морщин) қарсы кишкене қасық пенен бир қасық нан содаға қаймақ, зайтун майы менен араластырып, 7-10-минут бетке жағып қоямыз. Жыллы суў менен жуўып аламыз ҳәм циньковый мазды азанға шекем бетимизге жағамыз.
Буннан басқа қәлеген мийўелердиң суўларын, картошка, қыярдың суўларын шығарып бетлеримизге қоллансақ болады.
Және де мәўсимге қарамай қуяш нурынан сақлаўшы кремлерден жағып жүриўди мәсләҳәт еткен болар едим, – дейди тәбийий косметологияны усыныс етиўши Бибихатша Сариева.
Ҳаял-қызларымыз ҳәмийше гөззал. Олар усындай қәнигелерден еледе мәсләҳәтлер алып, шырайлы, жәҳән гөззалы болып, гүл жайнап, қулпы дөнип жүре бериўлерин тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.