Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими Тақыятас районы аймағында өрттиң алдын алыў бойынша район аймағында алып барылып атырған профилактикалык ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Соған қарамастан ҳәр түрли насаз электр үскене ҳәм тәбийғый газ үскенелеринен пайдаланып, өрттин келип шығыўына себепши болмақта. Газ плиталарын түнги ўақытлары жағып қойыў, жуўылған кийимлерин газ үскенеси үстине кептириў ушын жайып қойыў жағдайлары ҳәм де жарамсыз резина шланга аркалы жалғап пайдаланып атырғанлар көп ушырамақта. 2023-жыл 11-ай даўамында район аймағында 16 орында өрт жүз берген болса усылардыӊ көпшилиги өртке итибарсызлық пенен қараўы ҳәм жас өспирим балаларды үйлерде жалғыз қалдырып балалардыӊ шырпы менен ойнаўы, электр ток үскенелеринин қысқаша тутасыўы, өртке итибарсызлык пенен қараўы ақыбетинде өрт пайда болып, бир қанша материаллық зыянлар келмекте.
Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери газ, электр кәрханасының хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик ҳәм қөп қабатлы турақ жайлардыӊ өртке қарсы жағдайын көзден өткериў бойынша рейдлер шөлкемлестирилмекте. Тилекке қарсы, айырым пуқаралар өртиӊ алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип өрттиӊ келип шығыўына жол қоймакта.
Ҳәр биримиз Айрықша жағдайлардыӊ алдын алсақ, оны булжытпай орынласақ өрттиӊ алдын алған боламыз. Өртти өширгеннен көре оның алдын алған абзал.
Б.Бердимуратов,
Тақыятас районы АЖБ инспекторы аға лейтенант.
