Санаат ҳәм хызметлер тараўы көрсеткишлери

Бүгинги күнде киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик мəмлекетимиздиң ишки базарын товар ҳəм хызметлер менен тəмийинлеўде, халықтың бəнтлигин ҳəм реал дəраматларын асырыўда, ресурсларды ақылға сай тарқатыў ҳəм олардан нəтийжели пайдаланыўда, социаллық топарлар дəраматларының пропорционаллықсыз кемейттириўде, экономиканың түрли тармақлары арасындағы өз-ара байланысларды жақсылаўда үлкен əҳмийетке ийе. Яғный реформаларды тереңлестириўдиң тийкарғы катализаторы болып есапланады. Киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлери базар өзгерислерине, тутыныўшы талабы өзгерислерине де тез бейимлесиўге тийкар болып, тутыныў базарындағы қалдықты услап турыўда тийкарғы рол ойнайды. Сондай-ақ, бəсекилеслик қоршаған орталықтың қəлиплесиўине хызмет қылады. 2023-жылдың январь-октябрь айларыда Бозатаў районында 32,0 млрд.сумлық санаат өними ислеп шығарылыўы əмелге асырылған болып, 110,6 % ды қурады.
Хызметлер тараўын раўажландырыў, базар экономикасы қəлиплесиўиниң ең баслы шəртлеринен бири есапланады. Бүгинги күнде мəмлекетимизде алып барылып атырған базар реформалары жəмийетти раўажландырыўдың ең баслы социал-экономикалық ўазыйпаларын шешиўде хызмет көрсетиў тараўының ролин асырыўға үлкен тəсир көрсетеди. Хызметлердиң ҳəр түрлилиги халықтың жағдайын ҳəм пəраўанлығын жақсылаў имканын береди. Нəтийжеде 2023-жыл январь-октябрь айларында хызметлер ислеп шығарыў көлеми 59,2 млрд. сумды қурады. Өсиў пəти өткен жылдың январь-октябрь айларына салыстырғанда 117,6 % ды қурады.
Оңғарбай Зинелов,
Бозатаў районы статистика бөлими жетекши қәнигеси.