Қарақалпақстанда аўланған балық көлеми

2023-жылдың январь-сентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасында бәрше түрдеги хожалықлар тәрепинен 5818, 6 тонна балық аўланған. Бул көрсеткиш 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102, 0 % ке көп балық аўланған. Аўланған балықлар хожалық түрлери бойынша анализ етилгенде, аўланған балық улыўма көлеминен 41, 8 % фермер хожалықлар үлесине туўры келгенин атап өтиў мүмкин.
* * *
Қарақалпақстан Республикасында 5,3 трлн. сумлық қурылыс жумыслары орынланған
2023-жылдың январь-ноябрь айларында Қарақалпақстан Республикасында жәми 5,3 трлн. сумлық қурылыс жумыслары орынланған.
Республикада орынланған қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс кәрханалары тәрепинен орынланған қурылыс жумыслары үлеси 8,6 % ти, киши кәрхана ҳәм микрофирмалар үлеси 69,9 % ти ҳәмде рәсмий болмаған секторларда орынланған қурылыс жумыслар үлеси 21,5 % ти қурады.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.