ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ МЕНЕН ЕРКИНЛИКЛЕРИ

Мәмлекетимизде инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады. Сол себепли Конституциямызда да инсан қәдири, оның ҳуқықларына ҳәр бир тараўда қол қатылмаслығы қатаң белгилеп қойылды.
Атап айтқанда, жаңа редакциядағы Конституциямызда инсан менен мәмлекетлик уйымлардың өз-ара қатнасықларында жүзеге келетуғын нызамшылықтағы барлық қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи.
Соның менен бирге, жаңа Конституциямызға муўапық Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына ҳәм усы Конституцияға муўапық болыўы кепилленетуғыны белгиленбекте.
Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте. Ҳәммемизге белгили, жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып табылады ҳәм ол нызам менен қорғалады.
Сондай-ақ, ҳәр ким өзиниң ҳуқықлары менен еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақылы екенлиги, Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўшы халықаралық уйымларға, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли ҳәрекеттеги барлық ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәжат етиў ҳуқықы, мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардағы лаўазымлы етиў ҳуқықы, мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардағы лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқынына ийе екенлиги, шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықын услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленген.
Зухра БАЙЫМБЕТОВА,
Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы суды баслығы.