Қуяш панеллери яки фотоэлектр дереклери – бул кейинги ўақытларда лексиконымызда көп қолланылып атырған атамалардан. Қуяш нурларын электр энергиясына айландырып, электр станцияларындағы энергияның тежелиўине ҳәм сапалы электро энергиясын ислеп шығарыўға негиз жаратады. Республикамыздағы 12 ЖОО, сондай-ақ, профессинал ҳәм де орта билим бериў орынларына да, ҳәтте пуқаралардың үйлерине де қуяш панеллери орнатылған. Итибарлысы бул ислер арқалы сапалы электр энергиясы менен тәмийинленбекте. Мәмлекетимизде 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясында жасыл экономикасының қәлиплестириў ҳәм де раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа ҳәм мақсетлериниң бирине айланған. Республикамыз аймақларында орнатылған қайта тиклениўши энергия дереклери үскенелерине сервис ҳәм техникалық хызмет көрсетиў мүмкиншилиги де жаратылып атыр.
Нөкис қаласында усындай хызмет көрсетиў орайының жумыс баслаўы мүнәсибети менен өткерилген ашылыў кешесинде тийисли министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимлик ҳәм тараў басшылары менен қәнигелер қатнасты. Энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыў ҳәм де халықты, ислеп шығарыў ҳәм санаат объектлерин үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде бүгин елимизде алтернатив энергия дереклеринен кең пайдаланыў жолға қойылып атырғанлығы атап өтилер екен бул жерде келген мийманларға жуўапкершилиги шекленген жәмийет көринисиндеги мәкемениң тийкарғы искерлиги, мүмкиншиликлери жөнинде толық мағлыўмат берилди.
Жасыл энергия үскенелери тутыныўшыларының талабынан келип шығып, он-грид, оф-грид ҳәм де гибрид системаларына ислейтуғын болып, оларды орнатыў аңсат ҳәм турақлы техникалық хызмет көрсетиў талап етилмейди. Бул үскенелер орташа 20-25 жыл даўамында хызмет көрсететуғын болса, мүлк ийеси зәрүрлигинен артқанын электр тармақлары кәрханасына сатып, дәрамат алыў имканиятларына ийе болады.
Жаҳангир Сапарбаев,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-басқыш студенти.
