РЕЖИССЁР

Халықтың тарийхый раўажланыўында ҳəр бир тараўда минсиз хызмет еткен, сол жердиң аты-абырайы ушын бас пүкил өзин арнаған ел перзентлери болады. Оны қəлеген қəнигеликлерден табасаң. Бирақ, халықтың бул ҳақыйқый қаҳарманлары көп жыллық мийнетлерин ҳеш қашан, ҳеш биреўгеде миннет етип көрмеген, жумыс нəтийжелерин күнделикли турмыстың ғалма-ғаллары жолындағы əпиўайы бир нəрсе деп есаплаған. Ал, ҳаслында буныңдай инсанлардың мийнетлерин ҳақыйқатында халықтың өзи баҳалайды, ал дəўир орын орынларына қояды.
Əлбетте, усындай пикирлерден соң менде арамызда жүрген(гейде жийи-жийи ушырасып туратуғын) бир жасыүлкенимизди сөз етпекшимен. Ол адам быйыл жетпис жасқа шығып атырған болсада үлкен залларды толтырып, бийик минберлерден өзиниң юбилей жасы, ислеген жумысларын айтып ушырасыўлар өткермеседе, бəрибир оны танығанлар, қарақалпақ көркем өнериндеги мийнетлерин жақсы биледи, жоқары баҳалайды, айтып жүреди. Ол, Қарақалпақстан телевидениесиниң бурынғы белгили режиссёры Жолмырза Аманжолов.
Мен оны өткен əсирдиң сексенинши жыллардың орталарынан берли жақсы таныйман. Оның менен Қарақалпақстан телевидениесинде көп жыллар бойы бирге ислестим, бирнеше көрсетиўлерди бирге таярладық. Мине, сол алыс сексенинши бизлер танысқан жыллардан бери бойында сақлаған оның мийнет сүйгишлиги, режиссёрлық көз қараслары, жеке пикирлери, адамлар менен кишипейиллик қарым-қатнасларын еле жойтпаған. Ағамыз еле қуўнақ, оны гə телевидение, радио бетлерде, гəде Қарақалпақфильм киностудиясы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы тəреплерде ушыратасаң. Ҳəм мен оны бурыннан ҳəрдайым оны Сергей аға деп көрисип, аманласаман. Жолмырза аға мениң буныма дым өкпелемейди, қайтама жас баллардай күлип көриседи. (Себеби, бурыннан оны кəсиплеслери, ҳəзирге шекем Бондарчук деп атайды, сол ушын мен оны усылай деп ҳəзиллесемен…)
Жолмырза Аманжоловтың телевидение эфирден кеткен күнделикли көрсетиўлери жүдә көп. Əсиресе, пахта жыйын терим күнлери дерлик ҳəр күни «Қырманға берекет», «Алтын қоллар», «Табыслар көз айдын», «Аўыл хожалығы күнделиги» ҳəм басқада атамадағы көрсетиўлердиң режиссёры еди. Усы жерде бир нəрсени айтып өтиў керек, ҳəр тараўдың режиссурасы өзинше өзгешиликлерге ийе болады. Мəселен, театр режиссурасы, кино режиссурасы, телевидение режиссурасы болып, олардың негизи бир болғаны менен тамашагөйлерге өз өнимлерин жеткериў усыллары ҳəр қыйлы, жумыс процесслериде өзгеше болады. Мине, усы айырмашылықлары менен Жолмырза Аманжолов өз қəнигелигиниң маманы болды.
Оның отыз жыл даўамында (анығырағы 1978-2008-жыллар аралығындағы) «Турмыс мектеби» (П.Тилегенов, 1983), «Дығырық» (Ш.Сейтов, 1991), «Муҳаббат» (М.Чхеидзе, 1991), «Сөзле-ҳə, бүлбил зибан» (К.Мəмбетов, 1991), «С. Сайтов 60 жаста» (1992), «Үмит ушқынлары» (П.Тилегеновтың 80 жылығына, 1992), «Сен жетим емессең» (Ғ.Ғулам, 1993), «Т.Жумамуратов 80жаста» (1993), «Қорғанларсөйлегенде» (К.Рахманов, 1994), «Əжинияз» (К.Мəмбетов, 1994), «Атамəкан» (С.Жумағулов, 1995), «Ҳүждан азабы» (О.Сəтбаев, 1995), ҳəм бир қатар видео фильмлерде, телепостановкаларда ҳəм «Телеминиатюралар театры» көрсетиўлеринде ҳәр қыйлы роллерди де атқарып шыққан.
Жолмырза Аманжолов узақ жыллар бойы Қарақалпақстан телевидениесинде режиссёр болып ислеп, телережиссураның үлкен мектебинен өтти. Ол Қ.Əбдиреймов, К.Исаев, М. Ещанов, А.Қайпов, Б.Дағаров, Т.Қошқаров, Қ.Жумамуратов, Т.Қалимбетовлар менен бирге ислести ҳəм өзи де усы дəўирде профессионаллык дəрежесин өсирди. Мине, ҳəзир Қарақалпақстан телеканалының режиссёрлары оны устаз деп ҳүрмет етеди. Оның шəкиртлериде халқымызға бүгинги күни мазмунлы, жақсы көрсетиўлерди таярлап, нəзерлерине усынып келмекте. Итимал, ҳар бир қəнигенин саналы өмири бойы еткен бийминнет хызметиниң бир көриниси мине усы болса керек.
Қарақалпақстан телережиссурасында өз орны бар ағамызға еледе саламатлық, шаңарағына аманлық, дөретиўшилик ислеринде табыслар тилеймиз.
Марат ТАЎМУРАТОВ,
Жазыўшы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.