Ийнинде турмыстың тесик дорбасы,
Толтырғысы келер, лекин бири кем.
Бүгин дым үмбә-дүм қызған саўдасы,
Лекин, кеўли толмас, айтар бири кем.
О, сен қүдиретли бийреҳим ўақыт,
Әззилик қыламыз хүкмиң алдында,
Жүгинип, сораймыз, әўмет ҳәм бахыт,
Қосықлар айтамыз, шыршаң алдында.
Кимниңдур қолына услатып балта,
Кимниңдур қолына ҳаса бересең,
Гүнәдан, саўаптан жүк арта, арта,
Таў, дәрьядан асып, тарта бересең.
Төрт пасыл шайқалған мысалы дарақ,
Төрт пасылға гүўа, он еки шақаң,
Жырлайын мен қайсы өлшемге қарап,
Қайсы теңеўлерге, тең келер баҳаң.
Сениң ҳүкмиң менен келер жаңа жыл,
Өтип барар және гүўалығыңда.
Мен ушын басланған еди жаңа күн,
Қырық үш жыл алдыңғы «Гүўалығым»да.
Раўаж ОТАРБАЕВ.
