Жаңа жылды күтип алыў қандай жақсы. Ҳәмме жерде жаңа жыл аршасы саўлат төгеди. Суп-сулыў Қар қызы ҳәм Аяз атаны айтпайсыз ба?! Ал, ҳәр бир шаңарақта қолдан келгенше, дастурханды төгин-шашын толтырыўға кирисиледи. Сол күни дастурхан қалай толтырылған болса, жыл даўамында солай болады деген исенимде тилек тилейди. “Жақсы нийет-ярым ырыс”, илайым барлық жақсы тилеклеримиз қабыл болғай.
Соның менен бирге соңғы ўақытлары, сол күни таза дастурхан ҳәм таза сипсе сатып алыў да “үрдис” ке айланып бармақта. Бул да бир исеним шығар. Лекин, бизди ҳәмме нәрсениң обал-саўабы ойландырады.
Дастурханды толтырыў ушын исленген ҳәр түрли салатлар (сол ўақытта таярлап желинетуғын болғанлығы ушын) ертеңине таслап жибериўге туўра келеди. Расын айтыў керек, 31-декабрь күни жаңа жыл ақшамын шаңарақта үлкен ата ҳәм кемпир апаларымыз бенен кишкенелеримиз күте алмайды. Күнделикли режимнен шықпай олардың саламатлығын да бийитибар қалдырмасақ. Адамлардың ойынша, бул байрамды тек мәсликте, ишип-жеп өткериў керек пе?! Басым көпшилик шаңарақлар қыдырып, мәсликте өткерсе ғана жақсы күтип алдық деп есаплайды.
Негизинде, жаңа жыл гөне жылда орынланбай атырған арзыўларыңызды әмелге асыўына имканият емес пе?! Сол күни уйқыламастан, ойын-күлкилер менен жаңа жылды күтемиз.
–1-январь күнинен баслап, әпиўайы күнимизди даўам етип кете беремиз. Ойлап қарасақ биз, барлық қуўаныш-бахтымызды гөне жылда нышанлап, сол жылға қалдырып, жаңа жылға бос гәлле менен өтеди екенбиз. Айтажағымыз, сол күнги кеўил-кейпият, ўақты хошлық “қымбатқа” түспегей. Тилегимиз, ҳәр бир шаңараққа мол ырысқы-несийбе, табыслар алып келгей!
Үмида ЗАЛИЛБЕКОВА,
ҚМУ, журналистика 1-курс студенти.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
