ЕЛИМИЗДЕ БАЙРАМ КЕЙПИЯТЫ

Жаңа жыл ҳәр бир ўатанласымыз кеўлинде жаңа үмит, жаңа арзыў-мақсетлерди пайда етеди. Байрамның тийкарғы сәни болған жаңа жыл шыршасы барлық орынларда, сондай-ақ, Нөкис қаласында да орнатылды. Байрам мүнәсибети менен оның әтирапына жыйналатуғын пайтахт халқы, мийманлар нәзерине әжайып байрам тамашаларының, ел сүйген көркем-өнер хызметкерлериниң театрластырылған компазицияларын, сондай-ақ концерт бағдарламаларын тамашалады.
Байрам мүнәсибети менен түнги Нөкистиң өзгеше көриниси ушын абаданластырыў хызметкерлери де халықтың кеўлин көтериў мақсетинде жарқын, реңли шырақларды орнатты. Усы жылғы жаңа жыл шыршасы, миллий нағысларымызды сәўлелендириўши шырақлар өткен жылға қарағанда көбирек аймақларды қамтыды.
Халықлар дослығы майданында қурылған бәлентлиги 22 метр болған байрам шыршасының дизайны өзгеше безелген. Бул халқымызға байрам заўқын бағышлап, олардың кеўли-кейпиятын көтерди.
Жаҳангир Сапарбаев,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-басқыш студенти.