«ОЙЛАНБАҒАН ОТ БАСАР»

Соңғы ўақытлары ислеп атырған исиниң жынаят екенлигин билсе де, саўатсызлық па яки жуўапкершиликти сезине билмеўшилик пе ойсызлық пенен даўам еттире беретуғынлар көбейип бармақта.
Канлыкөл районында жасаўшы, О.Р атлы пуқара Нөкис калалық ИИО ЖМБ баслығы атына арза менен мурәжат етип, өз арзасында “Телеграм” менеджери арқалы танысып, өзин “Нөкис оптом посуда” аты менен ашылған группаныӊ администраторы Акжанай деп таныстырып, О.Р атлы пуқараға өзин ҳәзирги күнде посуда буйымларын сатыў менен шуғылланып киятырғанлығын, сатып алынатуғын товар пулларын алдынан төлем қылынатуғынлығын, соӊ белгиленген мәнзилге жеткизип беретуғынлығын ўәде етип, 2023-жыл 26-июнь күнинен 18-июль күнине шекем болған ўақыт аралығында усы аккаунт ийеси пуқара Р.О дан жәми 1.200.000 сум муғдарындағы пулларын алдаўшылық жолы менен қолға кириткенлигинен наразы болып, пулларын қайтарып алыўда әмелий жәрдем бериўди сораған.
Тексериў илажлары даўамында, телеграм тармағындағы “А” исмли пуқара Нөкис қаласында жасап киятырған, алдын судланған А.А. атлы пуқара екенлиги анықланды. Усы пуқара өзиниң судланғанлығынан тийисли жуўмақ шығармастан, өзиниӊ жынайы ҳәрекетлерин даўам еттирип, пуқара О.Р ға берген ўәдесин орынламастан яғный пулларын қайтарып берместен өз мәплери ушын ислетип жиберип, жаңадан жынаят еткенлиги анықланды.
Бул ҳәдийсе бойынша жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылып, ЖИБ Нөкис қаласы судына жиберилди.