ҲӘР БИР ЖАСТЫҢ КЕЛЕШЕГИ УШЫН

Өзбекстанда жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларды еле де жетилистириўде, жас әўлад ўәкиллерин мәнаўий ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда мәмлекетлик, сондай-ақ мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде барлық тараўларда ҳәм оқыў орынларында өз теңлеслери арасында терең билими, искерлиги ҳәм талапшаңлығы менен үлги болып атырған жасларымыз мәмлекетимиздиң раўажланыўында, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши сыпатында қаралмақта.
Қарақалпақстан Республикасы халқының 52 процентин жаслар қурайды. Сонлықтан, жаслар менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар, илажлар айрықша әҳмийетли.
Өткен 2023-жылда бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте 14-30-жастағы 477 мың 175 жастың тийисли зәрүр мағлыўматларды өз ишине алған “Жаслар балансы” қәлиплестирилди. Бунда жаслардың бәнтлигинен, шығып, жасыл ҳәм сары категорияға, социаллық жағдайларынан келип шығып қызыл категорияларға ажыратылды. Атап айтқанда, 234 050 жас жасыл категорияға, 243 125 жас сары категорияға, қызыл категорияға 15872 жас киритилди.

Аўыр категориядағы 15 мың 872 жас турақлы қадағалаўға алынып, 543 сектор, министрлик, мәкеме басшылары ҳәм олардың орынбасарларына бириктирилди. Бириктирилген басшылар тәрепинен, аўыр категорияға кириўши жаслар менен ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткерилип, сәўбетлесиўлер даўамында 9 457 жастан мүражатлар келип түскен.
2023-жыл даўамында 9 304 жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилди. 281 жас жумыс пенен тәмийинленди, 136 жасқа дийқаншылық ушын жер майданы ажыратылды. Сондай-ақ 331 жасқа исбилерменлик ушын жеңиллетилген кредит ажыратылды. Және де 258 жас кәсип-өнерге оқытылып, 688 жасқа өзин-өзи бәнтлеў ушын субсидия ажыратылып, 204 жасқа төлемли-контракт пуллары төлеп берилди. 108 жас пән ҳәм шет тиллерине оқытылып атырса, 1 469 жасқа материаллық жәрдем көрсетилди. 2194 жасқа емлениўи ушын жәрдем берилди. Сондай-ақ, 89 жасқа майыплар реабилитациялық техникалық үскенелери алып берилип, 31 жастың турақ жайларында қайта оңлаў жумыслары ал, 3515 жасқа басқа түрдеги жәрдемлер көрсетилди.
Қарақалпақстанда жумыссыз 20 540 жас ҳәм жоқары ҳәм профессионал билимлендириў менен қамтып алынбаған 5 405 мектеп питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Жаслар бәнтлиги” бағдарламасы ислеп шығылып, тастыйықланды. Бүгинги күнде жумыссыз жаслар бойынша 19 412 жастың бәнтлиги тәмийинлениўине көмеклесилди.
Сондай-ақ, бүгинги күнге шекем 5 131 мектеп питкериўшилериниң бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилди.

Жаслар жетекшилери менен өткерилген дизимге алыў нәтийжесинде 15 969 жас сырт еллерге миграцияға кеткенлиги анықланып, олар ҳақкындағы мағлыўматлар “Жаслар балансы” платформасына толық киритилди. Сондай-ақ, сырт елдеги жаслар менен бирге ислесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде 956 мәрте сектор басшыларының ушырасыўлары шөлкемлестирилди.
«Жаслар дәптери»не киритилген жаслар менен бирге ислесиў ҳәм оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў жөнелисинде, «Жаслар балансы» тийкарында 45 мың 569 жас «Жаслар дәптери»не киритилип, усы күнге шекем 41 мың 996 жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Ҳуқықбузарлықларға мейиллиги бар болған жаслар менен жеке тәртипте сәўбетлер, додалаўлар, профилактикалық ҳәм психологиялық сәўбетлер өткериў арқалы социаллық экономикалық көмеклер көрсетилди.
Профилактикалық есапта турған 300 жасты қамтып, 3 мәрте «Мәртлик мектеби» әскерий оқыў жыйынлары өткерилди.
Мәҳәллелерде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Бес баслама олимпиадасы» барлық мәўсимлери жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип, онда өткерилген таңлаў ҳәм спорт жарысларының республика басқышында мәҳәлле жасларымыз жәми 49 медаль менен сыйлықланды.
Жаслар арасында китапқумарлықты кең таратыў бойынша жаслар жетекшисиниң өзи ҳәр айда бир китапты оқып шығып, белсендилик көрсетиў барысында: мәҳәллелердеги жаслар жетекшилериниң жеке раўажланыўы ушын бүгинги күнде 452 мәҳәлледеги жаслар жетекшилери тәрепинен «Атом әдетлери», «Лидерлер», «Жадидлер» ҳәм «Ояныў» топламындағы китаплар оқылып келинбекте. Соннан 195 и «Атом әдетлери», 183 и «Лидерлер» китабын, 82 си «Жадидлер», 254 и басқа китапларды оқып шыққан.
Жеке раўажланыў, мәселен «Ибрат перзентлери» жойбарында кеминде бир шет тилин толық үйрениў барысында, Қарақалпақстан Республикасында IELTS яки басқа халықаралық сертификат алған жаслар жетекшилери саны бесеў болып (1 IELTS, 3 миллий сертификат, 1 басқа түрдеги) дүзилген.
Сондай-ақ бүгинги күнде 440 «Ибрат перзентлери» Youtube платформасы ҳәм «Ibrat Academy» мобиль тармағынан пайдаланып келмекте.
Усы 2024-жылдың 5-январь сәнесинен баслап, Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларындағы мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәр бир шаңараққа кирип, үйме-үй жүрип жаслардың қәлеўи ҳәм нийетлерин үйрениў мақсетинде арнаўлы анкеталарды толтырмақта. Ҳәр бир жас пенен жеке сәўбетте болып, усы 2024-жыл даўамында усы жаслар менен олардың қәлеўлерине бола жойбарлар шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Елимиздиң усындай ертеңги күнги келешеги болған ҳәр бир жас қоллап-қуўатланып, оларға имканиятлар, қолайлықлар жаратылып барылады.

Полат МАХСЕТБАЕВ,
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.