Адамлар сени ҳүрмет етиўлери ушын бай инсан болыўың шәрт емес. Пулың көп болған жағдайында да олар сениң сыртыңнан өсек гәплерин айта береди. Адамлар сени ҳүрмет етиўи ушын ақыллы инсан болыўың да шәрт емес. Ақыллы болғаның менен сениң дүньяқарасыңды ҳәммеси бирдей қабыл ете бермейди. Адамлар сени ҳүрмет етиўи ушын шырайлы инсан болыўың шәрт емес. Жақынларың ушын ҳәмийше шырайлысаң. Ал, бийгәналар ушын шырай биринши орында турмайды. Адамлар сени ҳүрмет етиўи ушын күшли инсан болыўың да шәрт емес. Таўды талқан етер күшиң болғаныңда да ҳүрмет ҳеш қашан күшке қарап берилмейди. Адамлар сени ҳүрмет етиўи ушын қымбат кийимлер кийип жүриўиң де шәрт емес. Қәлби соқырлар ғана кийимиңе қарап сыйлайды. Адамлар сени ҳүрмет етиўи ушын ҳәмелдар болыўың да керек емес. Мәнсап, ҳәмел келеди де кетеди. Қапталыңда сеннен пайдаланып қалыўшылар ғана жылмаңлап жүреди.
Адамлар сени ҳүрмет етиўлери ушын саған бир ғана нәрсениң өзи жетерли. Ол да болса жақсы, мүләйим қарым-қатнас ҳәмме нәрсениң ең қолайлы шешими сол. Бәршеге бирдей мүнәсибетте болсаң адамлар саған исенеди ҳәм сениң гәплериңди дыққат пенен еситеди. Мүнәсибетиң сондай күшли болыўы керек, ҳәттеки душпанларың да сениң менен досласқысы келип турыўы керек. Мүнәсибетиң сондай жоқары болыўы керек, ҳәттеки патшалар да саған тәжим етиўи дәркар. Сол ушын жақсы қарым-қатнасты, жыллы мүнәсибетиңди, қайырқомлығыңды жоғалтпаңлар.
Ең тийкарғысы-сол.
Жақсы көрген инсанларыңызды қәдирлең. Оларға жақсы көриўиңизди билдирип қойың. Сизге ислеген қәтелерин кешириң. Себеби бир күн келип, яки сиз оларды таслап кетесиз, яки олар сизди тәрк етеди. Кеўлиңизде болса олардың сағынышы ғана қалады.
Жараның иши тазаланбай турып, үстин жаўып қоймаң. Жақынларыңыз бенен бийҳуўда нәрселерге ерегисип, узақласып кетпең. Олардың гәплерин қабыл етиң. Гәплериңиз түсиниксиз болса, жатығы менен түсиндириң. Олар ҳақ болса пәске түсиң. Өмир жүдә қысқадур. Адамлардың бир-бирлерин жаман көриўлери, қызғанышы, урысып-кейисиўлери ақыбетинде бир-бирлеринен қол үзисиўлерине арзымайды. Ертесине бизден еслеў ғана қалады, болғаны. Өлим ҳеш кимнен рухсат сорап келмейди. Сизге жаманлық қылғанларға да езиўиңизде күлки болсын. Олардың сизге ислеген жаманлықларын да кеширип жибериң. Болмаса кеш болады. Ҳүждан азабында жасайсаң.
