ТУТҚЫН (Романнан үзинди) Биринши бөлим «ҚУДАЙЫ ҚОНАҚ»

(Даўамы. Басы өткен санда)
«Бир ҳаялдың мәккарлығы қырық ешекке жүк» деген. Аймереке де сумлық ислетти.
– Сениң етиң душшы, – деди күйеўине. –Аўылда журттан бурын ат минип шықсаң, не бир ақ мылтықлар атып түсирер.
Мына бѳкеш жигит бола берсин. Соны үйлендирип, тойға түскен қәрежеттен бир ат алсаң аларсаң дә!
Қарлыбай қанша ѳжетлессе де, ырымға жүдә исенгиш еди. «Ақ мылтық»лардың ким екенин билмесе де, кѳзигип бир мүшесинен айрылып қалыўдан қорықты. Бул қосықты ўақытша умытты.
Тоқалақ мүйизди саўып отырып Аймереке усыларды бир-бир қыялынан ѳткерди.
– Ѳзим тири турсам саттырмайман! – деди, ол шешиўши түрде.
Ол буны ишимнен айтып атырман деп ойлап еди. Лекин, ѳз гүбирлисин ѳзи еситип, шоршып кетти. «Маңлайы-ым, биреў-миреў еситип қоймады ма?» деп әсте ақырын жән-жағына мойын бурып қарады. Усы мәҳәл үйбетине туўрылап киятырған еки атлыны кѳзи шалып, сыйырдың желинине созған қолы ҳаўада қалды. Атлылар бул дѳгеректиң адамларына уқсамас еди. Қала берди, бул дѳгеректе ат минип жүрген адамның ѳзи жоқ. Атлылардың оң жақтағысының басында тѳбеси домалақ бѳрик, қасындағысы болса жалаңбас. Шашы менен сақалы батыўға мейиллесип баратырған қуяштың сәўлеси менен гә сары, гә қызғыш дѳнип кѳринеди.
Аймереке дизесине қысқан аўыз қабағын дәрҳәл қолына алды да, қазықта жулқынып турған бузаўды шешип жиберди. Бузаў барып анасының желинин нуқып-нуқып еме баслады.
– Бѳкениң ағасы! – деди Аймереке дәлизге кирер-кирместен даўыслап.
Ол үшинши перзенти болса да «ул балаларымның үлкени, кемпир-ғаррыға тийисли» деп атын айтпайтуғын еди. Оралбай туўылғанда атасы да, енеси де о дүньялық болған. Сонда да олардың рухын сыйлап Оралбайды «кемпир-ғаррының баласы» деп таныды.
Аймерекениң даўысын қолайсыз сезген Қарлыбай иштен тез атлығып шықты.
– Аманлық па?
– Бизиң үйди шѳкелеп еки атлы киятыр, түри-түси бул дѳгеректиң адамларына усамайды.
Айтып үлгермей-ақ ақ талдан жарма қылып соғылған есик тақылдады. Қапының қурастырған саңсақларынан ат үстиндеги адамның қамшысы кѳринди.
Қарлыбай сыртқа бетледи.
– Ассалам алейкум! – деди ат үстиндеги жасыл бѳрикли киси. Сарғыш муртлы, үстине ноғай жағалы сүр кѳйлек кийген киси жас шамасы елиўлерге барып қалған татар еди. Қасындағы ғаў сақаллы, сары шашлы киси ғайры дин болса керек. Оны сақалына қарап алпыстан ѳткен деў мүмкин еди, лекин, жүз териси оның еле қасындағы жолдасына қарағанда жасырақ екенин билдирип турды.
– Ассалаўма алейкум! – деди Қарлыбай еки атлыға сәлем берип.
– Сиз үйдиң хожасы? – деп саўал берди татар киси.
– Аўа, үйдиң ийесимен.
– Қудайы қонақ аласыз ба? Бизиң бул елде танысымыз жоқ.
– Қудайдың атын атап келген мийманды қонақ қылыў, – бул саўап – деди Қарлыбай. – Лекин, жолдасыңыз ғайры дин екен. Ғайры динди қонақ ала алмайман.
– Ғайры дин болған менен бул-әм «бисмиллаға» тили келеди. Астан кейин әўмийинге қол жаяды.
– Билмедим, аға. Маған бийгана.
– Бул мениң жақын достым. Сизге ҳеш қандай зиян келтирмейди.
Қарлыбай бир заман аяқ ушына қарап турды да
– Мейли, түсебериң – деди.
Қонақлар аттан түсти.
Ат тамның артындағы жийделерге бир-бирине жетпестей етип байланды.
Қапыдан сығалап ҳәммесин тыңлап турған Аймереке ишки бѳлмеге тѳсек салып, ортаға қурақ дастүрхан жайып үлгерген еди.
– Оҳ! – деп татар дәлизге кире беристе тѳрдеги үскенеде ярымы тоқылған гилемди кѳрип иркилип қалды. – Метйур! Матур! – деди басын ийзеп.
– Да! Великалепно! – деди ғайры дин.
– Услап кѳрсек болар? – Татар гилемди қолы менен услап кѳриўге ижазат сорады.
– Буны биз Ҳийўаның базарында кѳрген едим. Базары шаққан бул гилемлердиң? Сизлер ол жақларға апарып сатпайсыз ба?
– Яқ. Арасында Гѳне Үргенчке апарып сатып, қарежет қыламыз.
– Ким тоқыйды буны?
– Ҳаялым.
– Сиз саўдагер болыўыңыз керек еди. Иранға, Оренбургқа, Саратовқа апарып сатсаңыз қашшан бай болып кетер едиңиз…
Олардың ишке кириўин күтип турған Аймереке ақыры дәлизге шықты. Ийилип сәлем берди.
– Салем! – деди татар. – Бул сизиң ҳаял?
– Аўа.
– Сизге рахмет! Бул гилемлерди тоқығаныңыз ушын.
– Қонақларды ишке алып киребер, бѳкениң ағасы.
– Қәне, қонақлар, ишкерилең!
Қонақлар дастүрхан дѳгерегине салынған кѳрпешелер үстине жайғасты. Ғайры дин ийнине асынған қобдыйын артқа таслады. Ишинде аўыр зат болса керек, жерге қойған ўақытта дүңк етип сес шығарды.
– Сизиң исмиңиз ким? – деди татар Қарлыбайға.
– Қарлыбай.
– Қуда буйырса бай боласаң! Мениң исмим Рахим. Бул Сергей. Мен Саратовта тураман, Сергей Оренбургта.
– Буяққа қаяқтан кеп қалдыңыз?
– Э-э, кѳп гәп! Жақсысы бизге ишетуғын бир суў ма, бир нәрсе бериң, шѳллеп киятырмыз.
Аймереке сырттан еки тас шәйнекте шай алып келди.
– Сизлер шай ишип турабериң, мен атларыңызға от салып келемен.
Дәлизден орақ алып шыққан Қарлыбайға Аймереке ере шықты.
– Мениң жүрегим бир түрли болып тур.
– Ҳе, неге?
– Билмеймен.
– Қорықпай-ақ қой… Ѳзге журтлық адам кѳрмегенге шығар… Не писиресең?
– Жүўери жарма.
– Қой, «қонақ атаңнан уллы» деген. Қатты наның бар ма?
– Бардай еди.
– Бар болса нан сорпа писир, ерик салып. «Қарақалпақлар жарлы екен» деп кетпесин.
Қарлыбай жүўери атыздың ашық жерлеринде ѳсип турған пәшек пенен суўшигиннен еки атқа еки қушақ от әкелип салды. Атлардың от жеўи тоқалақ мүйиздей емес екен.
«Ат аламан деп жүрмен, бул жәниўарды тойдырыў аңсат емес қусайды-аў» деп ойлап қойды ишинен.
Үйге кирсе қонақлар шайды бир шетлеў ысырып қойып, кесе толы қып-қызыл суўсын ишип отыр екен. Дастүрханның бир шетинде гүби-шелектиң ярымы қарамына теңлес, бирақ, оған қарағанда буйирлилеў мес турыпты.
Қарлыбай аң-таң болып биресе кесадағы суўсынға, биресе меске қарады.
– Шай ыссы екен, – деди Рахим буның таңланып турғанын аңлап. – Далада күн ыссы, ишимизге және ыссы барса… Бундай суўсын кѳрмеппе едиңиз?
– Яқ. Ол не нәрсе ѳзи?
– Жүзимниң суўы. Мә, ишип кѳр, – деп ѳзиниң алдындағы толы кесаны усынды.
– Жа-жақ, ѳзлериң ишебериң.
– Бул әпиўайы суўсын ғой, жүзимниң шербети. – Татар еле қолын созып тур еди. Қарлыбай оның қолы талды ма деп ойлап, кесаны алды. Кеса толы суўсын мурнына жақынлар екен, ийси танаўына урды. Ол ашшы ийистен түршигип, кесаны дастүрханға қойды.
– Ҳе, неге қойдың?
– Ийси әжептәўир екен.
– Жүзим ғой, жүзим жемейсең бе? Бул соның езилген суўы. Парқы – ашытылған. Мына Сергей қолдан таярлады. Жолға жақсы, шѳлиңди қандырады.
Рахим дастүрхан шетинде турған және бир тас кесаны алып, ѳзине местен толтырып қуйды.
– Қәне, Сергей, Қарлыбайға кѳрсетип берейик, ол қорқып отыр.
Еки мийман бир-бирине «кеттик» дегендей ийек қағысып, теңине симирди де, кесаларын дастүрханға қойды. Қандайдүр мазалы шербет ишкендей «аҳ-ҳ!» деп бармақлары менен ернин сыпырып қойды.
– Мине, кѳрдиң ғой, алдыңда отырыппыз. Сен келемен дегенше де жуп-жуптан ишкенбиз. Қәне, ишип жибер, кейнинен сѳйлесетуғын гәп бар.
Қарлыбай кесаны қолына алды. Еки мәрте ернине апарып турып, кейин тѳмен алды.
– Қойма! Қойма! – деди Рахим оның кесаны жерге қоймақшы болып турғанын сезип.
– Ты же, джигит?! – деп Сергей қапталдан хошамет берди.
Қарлыбай оның «джигит» дегенине түсинди, бирақ, алдыңғы сѳзлерине түсинбеди. Лекин, айтыў ишарасына қарап, «сен не жигит емессең бе?» деп атырғанын аңлады.
– Биссимилла! – деп кесаны ләбине тийгизип, соң шимиркенип симире баслады.
Кем-кем ашшылады ма, кѳзин жумып алды.
Суўсын қалмастан ишилди. Бирақ, ол қонақларға усап «аҳ-ҳ» деп ләззетленбеди. Керисинше ети түршигип, силкинип қойды.
– Биссимилла не надо? – деди Сергей оған.
– Ничего, ничего! Мусулман биссимилла айтпай ҳеш нәрсе татып алмайды.
Рахим буның кейин ала ишпей қалыўын ойлап, оның «биссимилла» айтқанын мақуллап қойды.
– Жаңа, «ишип ал, кейнинен гәп бар» дедим ғой. Енди бизлерден жол болсын сора! – деди Рахим ҳәм Қарлыбайдың саўалын күтпей ѳзи даўам етти.
– Бизлердиң бул жаққа келгенимизге бес жыл болды. Мен ѳзим татар болған менен орыслар ишинде ѳскенмен. Ѳз ана тилимди де жақсы билмеймен. Бирақ, буяққа келип ѳзбекше, түркменше сѳйлеўди бираз үйренип алдым. Сизлердиң тилиңиз де соларға уқсас екен я?
– Түсинсе болады, – деди Қарлыбай.
(Даўамы бар)