НУРСУЛТАННЫҢ НУРЛЫ ЖОЛЛАРЫ

– Биз жаслар қандай жетискенликке ерискен болсақ, әлбетте буның бәри елимизде жасларға жаратылған имканиятлар нәтийжеси, – дейди үшинши болып, қәлемимизге илинип атырған қаҳарманымыз.
Төрт жыл даўамында билим алыў менен ерискен жетискенликлерин көрип шын мәнисинде усындай жаслардың көплигине қуўанамыз.
Нурсултан Нурниязов. Аты-жөни нурдан басланған бул студенттиң ҳәр қандай иси әўметли келип, табысқа шыңланып барғанын жетискенликлериниң нәтийжесинен көриўимизге болады.
Әлбетте, Нурсултанды көк экран арқалы яғный таңғы «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслар ўақты» көрсетиўлериниң алып барыўшысы сыпатында дерлик көпшилигимиз жақсы билемиз.

Жүзинен нур тарап, таңғы сәлемин кеўилге қонымлы жыллы сөзлери менен әлле қашан шаңарақларымыздың мийманы болған Нурсултанның табысларын қайсы биринен басларымда екиленгенимди жасыра алмайман.
Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ҳақыйқый ийесин тапқанына исеним оятар екенсең, билим менен беллесип, илим менен ийинлесип, мудамы изленгенлер ғана ийелейтуғынлығына исенесең.
Өзиниң билим-илимге қуштарлығы, умтылысы ҳәм шөлкемлестириўшилиги менен ажыралып туратуғын Нурсултан Нурниязов 2020-жыл Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жаслар аўқамы гранты” жеңимпазы болып, 40 қа жақын публицистикалық дөретпелери республикалық, ал 40 тан аслам илимий мақала ҳәм тезислери АҚШ, Индонезия, Россия ҳәм Египет мәмлекетлериниң илимий журналларында жарық көрген.

Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы мәмлекетлери арасында шөлкемлестирилген “Жыл студенти-2021” таңлаўында қатнасқан мақаласы менен 1-орынды ийелеп, диплом, сертификат ҳәм көкирек нышаны менен сыйлықланса, “IDEATON” инновация ҳәм start-up таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында 2-орын, инглис тилинен қарақалпақ тилине, қарақалпақ тилинен инглис тилине аўдарма етиўши сайт жойбарында 5 миллион сум start-up жойбары менен жеңимпаз болған Нурсултанның мудамы тынымсыз изленислери шыңланыўларға баслап барған.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты бакалавр тәлим жөнелисиниң 4-курс студенти, 4 жыл оқыў дәўиринде 3 стипендия ийеси, 2021-2022-оқыў жылында И.Юсупов атындағы, 2022–2023-оқыў жылында Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ийеси болып, мақтаныўға турарлық айрықша жасларымыздың қатарында екенлиги менен мақтана аламыз.
Сондай-ақ, оның «Аралымды аңсайман», «Көзмоншақ болайын өзиңе Ўатан», «Қәлби гөззаллыққа талпынған инсан», «Институтым – өзиңсең уллы бир дәргай» атлы китаплары басылып шықты.
Мақаламыз басындағы терең пикиринде қалатуғын Нурсултан Нурниязов илимий басшысы А.Тажиеваның үлкен хызметлери ҳәм жасларға, билимлендириўге қаратылған имканиятлардан шексиз миннетдар екенлигин билдиреди.
Ол Өзбекстан Республикасы ҳәм халықаралық 60 тан аслам онлайн ҳәм офлайн конференциялар, форумлар ҳәм таңлаўларға қатнасып келген Нурсултан Нурниязов өткен жылы “30-июнь жаслар күни” мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен “Үмит ушқыны” көкирек нышаны менен сыйлықланыўы мийнетлериниң жемиси екенлигинен шексиз қуўанышта.
Усындай билим ҳәм талпынысы арқалы шыңланыўлар нәтийжесинде жоқарылап барып атырған Нурсултанға Ўатанымыздың раўажланыўына үлесин қосып атырғанына бәракәлла деймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.