ЖЕР УЧАСТКАЛАРЫН ИЖАРАҒА АЛЫӮДА ЖАҢА ТӘРТИП

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июньдағы «Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен басланған жер мүнәсибетлери тараўындағы реформаларды избе-из даўам еттириў мақсетинде 2024-жыл 18-январь күни «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары хаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға тийкар:
– 2024-жыл 1 марттан баслап аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериўде ашық электрон таңлаў орнына электрон онлайн аукцион саўдалары енгизилиўи;
– аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы отыз жылға ижараға бериледи, бунда басланғыш баҳа жер участкасының норматив муғдары тийкарында белгилениўи;
– жер участкаларын электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў бойынша материалларды таярлаў, нызамшылыққа тийисли өзгертиўлер киргенге шекем, ашық электрон таңлаў ушын белгиленген тәртипте, электрон онлайн аукцион саўдаларын өткериў болса, аукцион саўдаларын шөлкемлестириў ҳәм де өткериў тәртибине муўапық әмелге асырылыўы;
– аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары жеңимпазларына жер участкасы баҳасын үш жыл мүддетте ҳәр айда тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеўге рухсат берилиўи;
– дийхан хожалығы, жеке тәртипте бағшылық, палызшылық ҳәм шарўашылықты жүргизиў ушын жер участкаларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары жеңимпазы болған «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған пуқараларға жер участкасы баҳасын бес жыл мүддетке тең үлеслерде пайызсыз бөлип төлеўге рухсат берилиўи белгиленди.

Р.ЕСИМБЕТОВ,
«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.